Республикамызда 14-январь – «Ўатан қорғаўшылары күни» мүнәсибети менен ӨзЛиДеП Қарақалпақстан Республикалық Кеңеси, қалалық ҳәм районлық Кеңеслери тәрепинен байрам илажлары көтериңкилик пенен шөлкемлестирилмекте.

Атап айтқанда, партияның Қарақалпақстан Республикалық Кеңеси ҳаял-қызлар машқалаларын үйрениў ҳәм басламаларын қоллап-қуўатлаў бөлими, Нөкис қалалық Кеңеси тәрепинен Өзбекстан Республикасы Миллий гвардиясы Қарақалпақстан Республикасы аймақлық орайында «Мәртлер қорғайды Ўатанды!» темасында шөлкемлестирилген руўхый-ағартыўшылық илаж ҳәм жас әскерлер қатнасыўындағы байрам илажы көтериңки руўхта болып өтти. Онда партия белсендилери, депутатлары, болажақ жәс әскерлер, Миллий гвардия хызметкерлери ҳәм ветеранлары қатнасты.

Илаж Өзбекстан Республикасы Миллий гвардиясы Қарақалпақстан Республикасы аймақлық орайының әскерлери ҳәм әскерий оркестри тәрепинен таярланған жаўынгерлик ҳәрекетлери сәўлеленген шығыўлар ҳәм әскерий парад пенен басланды.

Буннан соң байрам илажы орайдың мәжилислер залында дөгерек сәўбети менен даўам етти.

Онда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң депутаты Амангуль Байрыева, Халық депутатлары Нөкис қалалық кеңесиниң депутатлары Оксана Сейтназарова, Иристи Куттимуратовалар шығып сөйлеп, илаж қатнасыўшыларын байрам менен қутлықлады ҳәм мәмлекетимизде алып барылып атырған тынышлық-татыўлық сиясаты, халқымыздың абаданлығы ушын әмелге асырылып атырған реформалар, әсиресе, жасларға қаратылып атырған итибар ҳәм жаратылған атырған имканиятлар ҳаққында сөз етип, тынышлықтың қәдирине жетиў, имканиятлардан нәтийжели пайдаланыў сыяқлы бир қатар усынысларын билдирди.

– Ана ўатанымыз бәрқулла өзиниң мәрт жигитлери менен мақтанып келген. Жигитлеримиз ата-ана ҳәм шаңарағын, өзи жасап атырған журтының топырағын муқаддес билип, Ўатанды қорғаў ушын бәрқулла таяр турыўды ўазыйпа деп есаплаған. Усы байрамның белгилениўи халқымыздың өз миллий армиясына шексиз ҳүрметин, мәрт жигитлерге мақтанышын билдиреди. Партия жәмәәти тәрепинен барлық Ўатан қорғаўшыларын усы мүбәрек байрам менен қутлықлаймыз ҳәм олардың шаңарағында тынышлық, беккем денсаўлық тилеп қаламыз, – дейди Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң депутаты Амангул Байрыева.

Ҳақыйқатында да, әскерий хызмет жаслардың руўхый ҳәм физикалық жетиклиги ушын әҳмийетли мектеп ўазыйпасын өтейди.

Қызғын сәўбет даўамында, жас әскерлер өзлерин қызықтырған сораўларына тараў қәнигелери ҳәм депутатлардан толық жуўап алды.

Илаж жуўмағында Миллий гвардия хызметкерлери ҳәм жас әскерлерге партияның естелик саўғалары тапсырылды.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги