Ташкентте Азия чемпионаты өткериледи
287

Кувейт мәмлекетинде Азия ат спорты федерациясы(AEF)ның гезектеги Бас Ассамблеясы болып өтти.
Илажға Өзбекстан жылқышылық ҳәм ат федерациясының баслығы Баҳромжон Газиев те қатнасты.
Ассамблеяда жаңа Олимпиада циклинде материгимиз бойлап ат спортын раўажландырыўға байланыслы мәселелер көрип шығылды. Мәмлекетимиз спорт жанкүйерлери ушын әҳмийетли тәрепи сонда, Бас Ассамблея шеңберинде быйылғы жылы өткерилетуғын абырайлы жарыслардың бири Ташкент қаласында өткерилетуғын болды.
Атап айтқанда, усы жылдың 1-3-апрель күнлери пайтахтымыздағы «Universal Horses Stable» комплексинде жаслар арасындағы Азия чемпионаты болып өтеди.
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы