Мүддети өткен паспортты 1 айдың ишинде алмастырмағанлар жәрийма төлейди.
Паспортының әмел етиў мүддети тамамланғаннан соң ямаса фамилиясы, аты, әкесиниң аты, туўылған жылы ҳәм миллети өзгергенде паспортын 1 ай мүддетте ID-картаға алмастырыў керек.
Әмел етиў мүддети өткен биометрикалық паспортын өз ўақтында ID-картаға алмастырмаўы – яғный, ҳақыйқый болмаған паспорт ямаса идентификациялаўшы ID-карта менен жасаўы ҲЖҳКның 223-статьясына бола ҳәкимшилик жуўапкершиликке себеп болады.
Бундай ҳуқықбузарлық БЕМниң 3 есеси, яғный 1 125 000 сумға шекемги муғдарда жәрийма салыўға себеп болады.
Қарақалпақстан хабар агентлиги