Абу-Даби қаласындағы «Қаср аш-Шати» резиденциясында Шавкат Мирзиёев ҳәм БАӘ президенти Шайх Муҳаммад Ол Наҳаян тар шеңберде сөйлесиў өткерди.

Өзбекстан жетекшисиниң БАӘға сапары еки тәреплеме қатнасықлар тарийхында жаңа бет ашып – олар стратегиялық шериклик дәрежесине көтерилип атырғаны атап өтилди.

Жетекшилер экономикалық бирге ислесиўдиң жаңа моделин, соның ишинде, жасалма интеллект, санластырыў, «жасыл» энергетика, қала қурылысы ҳәм инфраструктура, туризм, жеке бизнес сыяқлы 6 тийкарғы бағдарды белгилеп алды. Ҳәр бир әҳмийетли тараў бойынша өз алдына жумысшы топар дүзиўге келисилди.

Тәреплер 2025-2027-жылларды «Өзбекстан ҳәм БАӘ арасындағы экономикалық бирге ислесиўдиң жаңа дәўири» деп жәриялаў усынысын қоллап-қуўатлады.

Усы мәниде, 2030-жылға шекем өз-ара саўда көлемин 10 есеге көбейтиў ҳәм инвестиция портфелин 50 миллиард долларға жеткериўге қаратылған илажларды әмелге асырыў тийкарғы ўазыйпа етип белгиленди.

ӨзА