Ҳүкимет қарары менен Өзбекстан аймағында қәўипли өнимлер ҳәм химиялық затлардың айланысына байланыслы қадағалаў және де күшейтилиўи белгиленбекте. Ҳүжжет пенен республикаға импорт етилиўи қадаған етилген қәўипли өнимлер ҳәм шығындылардың дизими тастыйықланды.

Министрлер Кабинети «Өзбекстан Республикасы аймағында шығындылар, айырым түрдеги қәўипли өнимлер ҳәм химиялық затлардың айланысы менен байланыслы қадағалаўды және де жетилистириў илажлары ҳаққында»ғы қарарды қабыл етти.

Ҳүжжет Президенттиң 2023-эыл 31 –майдағы қарарының орынланыўын тәмийинлеў шеңберинде, сондай-ақ, Өзбекстан тәрепинен қабыл етилген халықаралық шәртнамалардың талапларына муўапық, айырым түрдеги химиялық затларды қадағалаў ҳәм олардың қоршаған-орталыққа унамсыз тәсирин азайтыў мақсетинде қабыл етилди.

Ҳүжжетке қосылған дизимде келтирилген шығындыларды қайта ислеў ҳәм утилизациялаў ушын  импорт етиўде:

– шығындыларды еркин түрде толық утилизациялаў, қайта ислеў ямаса қайта  пайдаланыўды әмелге асыратуғын импортёрлар – шығындыларды утилизациялаў, қайта ислеў ямаса қайта пайдаланыў процесслериниң қоршаған-орталыққа тәсири ҳаққындағы  арза жойбары бойынша мәмлекетлик экологиялық экспертизасының унамлы  жуўамғына ийе болыўы шәрт;

– шығындыларды еркин түрде толық утилизациялаў, қайта ислеў ямаса қайта  пайдаланыў имканиятына ийе болмаған импортёрлар – бундай шығындыларды тапсырыў ямаса реализациялаў бойынша щығындыларды утилизациялаў ҳәм (ямаса) қайта  ислеўди әмелге асыратуғын юридикалық шахслар менен шәртнама дүзилиўи шәрт.

Ҳүжжет пенен төмендегилер:

Өзбекстан Республикасына импорт етилиўи қадаған етилген қәўипли өнимлердиң ҳәм шығындылардың дизими;

Өзбекстан Республикасы аймағына алып кирилиўи қадаған етилген өсимликлерди қорғаў қураллары ҳәм басқа да жанлы органикалық патасландырыўшылардың  дизими;

Импорт-экспорт етилиўи мәмлекет тәрепинен тәртиптке салынатуғын ҳәм мәжбүрий экологиялық сертификатластырыў зәрүр болған қәўипли өнимлер менен шығындылардың  дизими;

Өзбекстан Республикасы аймағына алып кирилиўи қадаған етилген өсимликлерди қорғаў қураллары ҳәм басқа да жанлы органикалық патасландырыўшылардың  дизими;

Экономика ҳәм қаржы министрлиги жанындағы Бажыхана комитети:

шығындылар, қәўипли өнимлер ҳәм химиялық затлардың дизимине тийкарланып белгиленген тәртипте бажыхана қадағалаўы әмелге асырылыўын;

шығындылар, қәўипли өнимлер ҳәм химиялық затлардың импорт-экспорты ҳаққындағы мағлыўматлар бойынша Экология, қоршаған орталықты қорғаў ҳәм климат өзгериўи министрлиги менен бирге электрон мәлимлеме алмасыў жолға қойылыўын тәмийинлейди.

Экология, қоршаған орталықты қорғаў ҳәм климат өзгериўи министрлиги шығындылар, қәўипли өнимлер ҳәм затлардың дизимлерине тийкарланып белгиленген тәртипте муўапықлықты баҳалаў ислериниң әмелге асырылыўын тәмийинлейди, сондай-ақ, зәрүр жағдайларда бул дизимлерди жетилистириў бойынша усыныслар киргизип барады.

Қарақалпақстан хабар агентлиги