Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетинде 400 орынға мөлшерленген студентлер турақ жайы пайдаланыўға тапсырылды.

Ашылыў салтанатында Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниӊ комитет баслығы М.Атамуратов, Өзбекстан Республикасы Жоқары билимлендириў, илим ҳәм инновациялар министриниң орынбасары С.Бузрукхонов, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси баслығының орынбасары Б.Өтемуратов, университет жәмәәти, нураныйлар, профессор-оқытыўшылар, студент-жаслар ҳәм ғалаба хабар қуралларыныӊ ўәкиллери қатнасты.

Бүгинги күнде Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетинде 27 мыңнан аслам студент билим алмақта. Соннан 17544 студент күндизги тәлим бағдарында оқып келмекте. Ҳәзирги ўақытта 2510 студент студент турақ жайында, 5201 студент, ижара үйлеринде жасамақта. Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2021-жыл 9-сентябрьдеги «Республика жоқары билимлендириў мәкемелеринде студентлерди турақ жай менен қамтып алыў дәрежесин арттырыў илажлары ҳаққында»ғы 563-санлы қарарына тийкарланып алып барылатуғын басламалар бул мәселеге мәмлекет дәрежесинде айрықша итибар қаратылып атырғанының гүўасы болмақтамыз.

Жоқарыдағы басламаларды қоллап-қуўатлаў мақсетинде алып барылып атырған жумыслардың нәтийжесинде студент-жаслардың жаңа заманагөй имаратта жасаўына имканият жаратылмақта. Пайдаланыўға тапсырылып атырған студентлер турақ жайыныӊ қурылыс жумыслары ушын университет бюджеттен тысқары қаржы есабынан 22 662 825 745,60 сум қаржы ажыратылып, «ELLIKQALA MAXSUS QURILISH» ЖШЖның тәжирийбели қурылысшылары тәрепинен қысқа мүддетте ҳәм сапалы етип питкерилди. Сондай-ақ, заманагөй студентлер турақ жайы 400 орынға мөлшерленген болып, ол студентлер ушын мебель үскенелери, заманагөй электр печьлери, музлатқышлар, кир жуўыў машиналары, микротолқынлы печьлер, суў ысытыў үскенелери сыяқлы турмыслық техникалар менен тәмийинленген.

Соны да айрықша айтып өтиў керек, 2025-жылы студентлер турақ жайы менен тәмийинлеў мақсетинде Қарақалпақ мәмлекетлик университетинде мәмлекетлик-жеке меншик шериклик тийкарында және 400 орынға мөлшерленген бир студентлер турақ жайы имараты пайдаланыўға тапсырылады. Бул өз гезегинде студентлерди турақ жай орны менен қамтып алыў дәрежесин 50% ке шекем арттырады. Студентлер турақ жайында студент жасларымыздың сабақтан бос ўақытларын мазмунлы өткериўи, дем алыўы, қосымша дөгереклерге қатнасыўы, билим алыўы ушын барлық шараятлар жаратылған. Президентимиз тәрепинен алға қойылған 5 басламаны студентлеримиз арасында ғалаба ен жайдырыў мақсетинде заманагөй мәлимлеме технологиялары, компьютер ханалары, мәлимлеме-ресурс орайы көркем өнерге қызығыўшы жаслар ушын барлық қолайлықларға ийе дөгереклер, соның менен бирге аўқатланыў, жуўыныў, интернет тармағынан пайдаланыў, газета журналларды оқыў, телевизор тамаша етиў ушын барлық шараятлар жаратылған.

Илаж қатнасыўшылары бул жерде жаратылған шараятлар менен жақыннан танысты.

Ҳақыйқатында да бул мәмлекетимизде жасларға жаратылып атырған қолайлы шараятлар, билимлендириў системасын буннан былай да жетилистириў ҳәм студентлердиң турмыс сапасын жақсылаў бағдарында алып барылып атырған кең көлемли реформалардың және бир айқын дәлили болып есапланады.

 

Азизбек Дабылов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы