Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы А.Орынбаев Шымбай районы аймағындағы ҳәким жәрдемшилериниң усынысы менен 40 ҳаял-қызға 400 миллион сумлық субсидия тийкарында тигиў машинасы ҳәм нан өнимлерин писириў ушын печьлерди тапсырды.



Ушырасыўда атап өтилгениндей, соңғы жыллары елимизде ҳаял-қызлардың бәнтлигин тәмийинлеў, олардың үй шараятында дәрамат алыўына жәрдемлесиў бағдарында қосымша имканиятлар жаратылып, бир қатар жеңилликлер берилмекте. Жоқарғы Кеңес Баслығы пуқаралар менен сәўбетте өз үстинде ислеўди, өзин-өзи бәнт етиўди қәлеўши ҳәр бир пуқара ушын, әлбетте, жәрдем берилетуғынлығын, мәмлекетимиз тәрепинен берилип атырған имканиятлардан нәтийжели пайдаланыў кереклигин атап өтти.


Қарақалпақстан хабар агентлиги