Исбилерменлик субъектлерине бизнесин раўажландырыў мақсетинде банклер тǝрепинен кредит қаржылары ажыратылмақта.

Бирақ, кредитти қайтарыў миннетин ɵз ўақтында орынламаған жǝмийетлердиң кредит қарыздарлығын ɵндириў мǝжбүрий орынлаў илажларын қолланған ҳалда Бюро уйымлары тǝрепинен ǝмелге асырылмақта.

Мǝселен, Мǝжбүрий орынлаў бюросы Қарақалпақстан Республикасы басқармасының Айрықша ǝҳмийетли орынлаў ислерин орынлаў бɵлими ис жүргизиўиндеги Беруний районлар аралық экономикалық судының 2023-жыл 5-майдағы қарары тийкарында “Qaraqalpaq Agro Impeks” жуўапкершилиги шекленген жәмийетинен сыртқы экономикалық жумыслар  “Миллий банк”тиӊ пайдасына 2 миллион 124 мыӊ 145 АҚШ долларын ɵндириў белгиленген.

Қарыздарға усы орынлаў ҳүжжетиниң орынланыўы кереклиги ҳаққында бир неше мǝрте ескертиўлер берилген ҳǝм қосымша жуўапкер “Vodiy Yuksalish Invest” жуўапкершилиги шекленген жәмийетине тийисли болған  Ферғана қаласы, Ёрмозор кɵшесинде жайласқан муғдары 9,9 миллиард сумлық кɵшпес мүлки басқарма инспекторы тǝрепинен тийисли тǝртипте хатлаўға алынды. Соған қарамастан, қарыздар тǝрепинен орынлаў ҳүжжетиниң талабы ықтыярлы түрде орынланбағанлығы себепли, хатланған кɵшпес мүлк электрон онлайн-аукцион саўда майданшасы арқалы сатыўға шығарылған.

Ѳткерилген аукцион саўдаларында сатыўға шығарылған мүлкке қарыйдар табылмағанлығы себепли усы мүлк қарздарлықтың орнына “Миллий банк”тиӊ балансына усы жылдың 29-апрели күни ɵткерип берилди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги