Өзбекстан Республикасы Илимлер академиясы Қарақалпақстан бөлими Қарақалпақ Гуманитар илим изертлеў институтында белгили фольклортаныўшы ҳәм әдебияттаныўшы алым, профессор Сарыгүл Баҳадырованың 80 жыллығына бағышланған «Түркий халықлар фольклоры ҳәм әдебиятын үйрениўдиң актуал мәселелери: Концепциялар, Теория ҳәм Проблемалар» атамасындағы халықаралық илимий-теориялық конференция болып өтти.

Оған елимизге белгили әдебиятшы илимпазлардан тысқары, Түркия, Қазақстан Республикаларынан алымлар, докторантлар, илимий излениўшилер ҳәм республикамыздың ғалаба хабар қураллары ўәкиллери қатнасты.

Конференцияны  Өзбекстан Республикасы Илимлер академиясы Қарақалпақстан бөлими Президиумы баслығы, академик Ахмед Реймов ашты ҳәм басқарып барды.

Онда Қарақалпақстан Республикасы  Жоқарғы Кеңесиниң комитет баслығы Тажибай Романов шығып сөйлеп, юбилярды республикамыз ҳүкимети атынан қызғын қутлықлап, профессор Сарыгүл Баҳадыроваға «Ибратлы ҳаял» көкирек белгисин ҳәм естелик саўғаларын салтанатлы түрде тапсырды.

Буннан соң Ташкент мәмлекетлик Шығыстаныў институты директоры Воҳиджан Тўқлиев, Қарақалпақстан Жазыўшылар аўқамының баслығы Кеңесбай Каримов, Өзбекстан Республикасы Илимлер академиясы Қарақалпақстан бөлими Қарақалпақ Гуманитар илим изертлеў институты директоры Мақсет Қарлыбаев, сенатор Батыр Матмуратовлар сөзге шығып, илимпаздың илим ҳәм әдебият тараўындағы тутқан орнын, қолға киргизген табысларын мақтаныш пенен тилге алды ҳәм өзлериниң естелик саўғаларын тапсырды.

Конференцияда филиология илимлериниң докторы Зыяда Бекбергенова «Профессор С.Баҳадырованың илимдеги ҳәм дөретиўшиликтеги пидайы хызметлери», Бердақ атындағы ҚМУ профессоры, филиология илимлериниң докторы Қуўанышбай Оразымбетов «Дүнья қарасы кең, зейни өткир илимпаз», Өзбекстан Республикасы Илимлер академиясы жанындағы Әлийшер Наўайы атындағы Мәмлекетлик музей директоры, филиология илимлериниң докторы Жаббар Эшонқул, «Фидойи ва заҳматкаш фольклоршунос олима», Түркиядағы Памуккале университетиниң профессоры, Жейҳун Ведат Уйғур «Каракалпак ве түрк атасөзлеринде ортакласмалар»,   Өзбекстан журналистика ҳәм ғалаба коммуникациялар университети профессоры, Файзулла Муминов «Песнь пророка», Шерхан Муртаза атындағы халықаралық Тараз инновациялық институтынан филология илимлериниң кандидаты, доцент Азиза Карибаева «Түрки-Монғол тилдеринен енген терминлер қабаты», Бердақ атындағы ҚМУ профессоры, тарийх илимлериниң докторы  Бахытбай Қощанов «Вопросы менталитета каракалпаков в трудах профессора Сарыгуль Бахадыровой» атамасындағы баянатлары менен шығып сөйледи.

Сондай-ақ, әнжуманда белгили шайырлардан «Дўстлик» ордениниң ийеси, «Қарақалпақстан Республикасына мийнети сиңген мәденият хызметкери» Гүлистан Дәўлетова, Гүлнара Нурлепесова ҳәм Ҳәкимнияз Төрениязовлар юбилярға арналған қосықларын оқып берди.

Конференцияда Қарақалпақстан Республикасына мийнети сиңген илим ғайраткери, Беруний атындағы мәмлекетлик сыйлықтың лауреаты, филология илимлериниң докторы, профессор Сарыгүл Баҳадырова өзине көрсетилип атырған бундай жоқары ҳүрмет ҳәм иззет ушын елимиз басшыларына, кәсиплеслери ҳәм шәкиртлерине өзиниң терең миннетдаршылық билдирип, оларға өзиниң ең жақсы тилеклерин тиледи.

-Мениң баслы мақсетим, халқымыздың бай тили, әдебияты, мәденияты ҳәм көркем өнери менен дүнья цивилизациясына салмақлы үлес қосқан халық екенин көрсетиў ҳәм оны илимий тийкарда дәлийллеў болды ҳәм мен бул мақсетиме толық жеттим,-деп ойлайман деди профессор Сарыгүл Баҳадырова өзиниң сөзинде.



Соңынан конференция өз жумысын секцияларға бөлинген ҳалда даўам етти.

 

Адилбай Оразов,

 Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы