«Euronews» – Европаның күнлик 24 саатлық жаңалықлар каналы болып өзинде жер жүзиндеги ўақыялардың видео хроникасы ҳәм 30 тилдеги аудио шолыўды бирлестирген.

Экология, қоршаған орталықты қорғаў ҳәм климат өзгериўи министри Азиз Абдуҳакимов «Euronews» телеканалы директорлар кеңесиниң баслығы Педро Варгас Девид пенен ушырасты. Сөйлесиўлерде Туризм комитетиниң баслығы Умид Шодиев да қатнасты.

Сөйлесиў ўақтында мәмлекетимизде әмелге асырылып атырған экологиялық реформалар, соның ишинде, «Жасыл мәкан» улыўмамиллий жойбары шеңберинде Арал теңизи түбинде 2 миллион гектар майданда тоғай қурылыўы, Өзбекстан Республикасы Президенти жанында Климат кеңесиниң шөлкемлестирилиўи, мәмлекетимиз туризм индустриядағы жойбарлар ҳәм басқа басламалар ҳаққында мағлыўмат берилди.

Ушырасыўда елимизде еки университет – Орайлық Азия қоршаған орталықты ҳәм климат өзгериўлерин үйрениў университети («GreenUniversity») ҳәм «Жипек жолы» туризм ҳәм мәдений мийрас халықаралық университетиниң ашылыў айрықша атап өтилди.

Сөйлесиўлер даўамында телеканалларда мәмлекет ҳаққындағы қалыс мағлыўматларды сәўлелендириў, оның бас туристлик потенциалы ҳәм мәдений мийрасын халықаралық майданда үгит-нәсиятлаў арқалы Өзбекстан имиджин ғалабаластырыў бойынша нәтийжели бирге ислесиў додаланды. Биргеликтеги жойбарлар, соның ишинде, есабатлар, бағдарламалар, реклама ҳәм Өзбекстандағы ири илажларды сәўлелендириў мыңлаған жаңа туристлерди тартатуғыны атап өтилди.

Атап өтилиўинше, быйылғы жылы «Euronews» телеканалы Өзбекстан ҳаққында кең көлемли мәлимлеме компаниясын баслап жиберди. Соның ишинде, 280 мәртелик трансляциядан ибарат 5 көрсетиў, 630 мәртелик трансляциядан ибарат реклама роликлериниң көрсетиўи болып өтти. «Euronews» сайты ҳәм социаллық тармақларда мақалалар басып шығарылды.

Буннан тысқары, бирге ислесиўди және де беккемлеў перспективалары додаланды. Өзбекстанда экотуризм ҳәм экологиялық басламалар бойынша арнаўлы бағдарламалар дүркинин жаратыў имканиятларына айрықша итибар қаратылды. Өзбекстан тәрепи, сондай-ақ, жас ҳәм белсенди аудиторияны тартыўға жәрдем беретуғын социаллық тармақлар ҳәм мобил қосымшалар ушын контент ислеп шығыўды усыныс етти.

Педро Варгас Девид Өзбекстан инвестиция ушын әжайып мәмлекетекенин, «Euronews»  болса мәмлекеттиң унамлы имиджин алға қойыў, сондай-ақ, экология ҳәм туризм тараўларындағы өзгерислер ҳәм инновациялар менен ортақласыўды даўам ететуғынын атап өтти.

Тәреплер  «Euronews» платформасы арқалы жаңа жойбарларды әмелге асырыў ҳәм Өзбекстанды жәҳән көлеминде нәтийжели үгит-нәситялаў механизмлерин анықлаў бойынша анық қәдемлерди додалаўды даўам еттириўге келисти.

МуҳайёТошқороева,

ӨзА