Пуқаралардың кадастр тараўындағы мүрәжатларын көрип шығыў мақсетинде Мәмлекетлик кадастрлар палатасы Қарақалпақстан Республикасы басқармасының баслығы Сардар Урунбаевтың басшылығында Қоңырат районында көшпели қабыллаў болып өтти.

Онда дәслеп тараў нызамшылығындағы соңғы өзгерислер ҳәм реже бойынша алып барылып атырған хатлаў жумыслары, нызамның талап ҳәм тәртиплери ҳаққында мағлыўматлар берилип, келген ҳәр бир пуқараның мүрәжаты жеке тәртипте қабыл етилди.

Қабыллаўда 30 дан артық пуқара мүрәжат еткен болса, соннан 12 мүрәжат унамлы шешилди, 8 мүрәжатты толық үйренип шығыўда ўақыт талап етилгени ушын қәнигелерге тапсырма берилди ҳәм қалған мүрәжат ийелерине ҳуқықый тәрептен түсиниклер берилди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги