Президент тәрепинен қол қойылған Нызам (ӨРН -1004-санлы, 21.11.2024.ж ) менен Өзбекстан Республикасының айырым нызам ҳүжжетлерине ҳайўанат ҳәм өсимлик дүньясының қорғаныўын күшейтиўге қаратылған қосымша ҳәм өзгерислер киргизилди. Нәтийжеде, ҳайўанат ҳәм өсимлик дүньясын қорғаў күшейтиледи.
Атап өтилгениндей, Нызам менен нызам ҳүжжетлерине ҳайўанат ҳәм өсимлик дүнясынан пайдаланыў қағыйдаларын бузғанлығы ушын жуўапкершиликти күшейтиўге қаратылған өзгерис ҳәм қосымшалар киргизилмекте.
Сондай-ақ, өз аймағында имаратларды, яки басқа объектлерди қурыў, реконструкциялаў ўақтында белгиленген талапларды бузып, химиялық, биологиялық қуралларды қолланған ҳалда тереклерди, путаларды яки басқа өсимликлерге билместен зыян жеткергенлиги, басқылаў яки жоқ еткенлиги ушын жуўапкершилик белгиленди.
Буннан тысқары, экология ҳәм қоршаған орталықты қорғаў уйымлары мәмлекетлик инспекторының нызамлы жумысына тосқынлық еткенлиги, оның экология ҳәм қоршаған орталықты қорғаў ҳаққындағы нызамшылық бузылыўларын сапластырыўға байланыслы көрсетпелерди орынламағанлығы ушын жуўапкершилик күшейтилетуғыны белгилеп қойылды, – деп мәлимлеме береде xs.uz сайты.
Қарақалпақстан хабар агентлиги