Усы жылдың 21-22-ноябрь күнлери Санкт-Петербург қаласында өтип атырған ҒМДА мәмлекетлери Парламентлераралық Ассамблеясы (ПА) Кеңесиниң мәжилисинде Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының Баслығы Танзила Норбоева басшылығындағы парламент делегациясы қатнаспақта.
Сапардың биринши күнинде делегациямыз ўәкиллери Кеңестиң шөлкемлестириў мәселелерине қаратылған мәжилисинде қатнасты.
Мәжилисте ҒМДА мәмлекетлери ПА Кеңесиниң ағзалары тәрепинен Өзбекстанда парламент сайлаўының демократиялық принциплерине сәйкес түрде ашық-айдын ҳәм әдил өткенлиги атап өтилди. Сиясий илажда сайлаўшылардың 75 проценти белсене қатнасы, сондай-ақ, депутатлардың 38 процентин ҳаял-қызлар қурайтуғыны – региондағы ең жоқары көрсеткиш екенлиги айрықша атап өтилди.
Сенат Баслығы Т.Норбоева сайлаў процесслери бақлаўшылар топарының ўәкиллерине билдирилген қалыс пикирлер ҳәм усыныслары ушын миннетдаршылық билдирди. Олар берген усыныслардың терең үйренилиўи, әмелиятта қолланылатуғыны атап өтилди.
Қарақалпақстан хабар агентлиги