Ҳәзирги күнлерде мәмлекетимизде әҳмийетли сиясий процесс – Олий Мажлис Нызамшылық палатасы ҳәм халық депутатлары жергиликли Кеңеслерине сайлаўға таярлық көриў жумыслары алып барылмақта. Әлбетте, сайлаўда белсене қатнасыў ҳәм мүнәсип талабан сыпатында өзиниң сайлаўалды бағдарламасында алға қойған идеяларын ҳәм мақсетлерин сайлаўшыларға жеткериў әҳмийетли ўазыйпа болып, бул талабанлар ҳәм партия ўәкиллерине үлкен жуўапкершилик жүклейди.
Усы мүнәсибет пенен Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетинде Өзбекстан “Адолат” социал-демократиялық партиясы ўәкиллери, Олий Мажлис нызамшылық палатасы ҳәм жергиликли Кеңеслердиң депутатлығына талабанлардың студент-жаслар менен ушырасыўы шөлкемлестирилди.
Ушырасыў алдынан, университет аймағында партияның үгит-нәсиятлаў пункти шөлкемлестирилип, жас сайлаўшыларға партия ҳаққында толық мағлыўмат берилди ҳәм үгит-нәсиятлаў материаллары жыйналғанларға усынылды.
Илажда Өзбекстан “Адолат” СДП Нөкис қалалық Кеңесиниң баслығы Бахадыр Жүзбаев, Олий Мажлис Нызамшылық палатасының депутатлығына 1-Қарақалпақстан сайлаў округинен талабан Шаҳзада Абдираманова ҳәм Халық депутатлары Нөкис қалалық Кеңесине 8-санлы “Дослық” сайлаў участкасынан талабан Шарипа Торешова, студент-жаслар, партия белсендилери ҳәм ҒХҚ ўәкиллери қатнасты.
Ушырасыў алдынан партияның Нөкис қалалық Кеңесиниң баслығы Баҳадыр Жүзбаев шығып сөйлеп, партияның “Тең имканиятлар ҳәм әдалатлы жәмийетке қарай” деп аталған 2025-2029-жылларға мөлшерленген сайлаўалды бағдарламасының мазмун-мәниси, мақсет ҳәм ўазыйпаларына тоқтап өтти. Буннан соң талабанлардың сайлаўалды бағдарламасынан орын алған әҳмийетли мәселелер бойынша мағлыўматлар берилди.
-Сайлаўалды бағдарламамызда ҳуқықый мәмлекет қурыў, күшли социаллық сиясат жүргизиў, экономиканың турақлы раўажланыўын тәмийинлеў, коррупцияға қарсы гүресиў сыяқлы 9 бағдарда бир қатар ўазыйпаларды белгилеп алғанбыз, – дейди Олий Мажлис Нызамшылық палатасына талабан Шаҳзада Абдираманова.
Сондай-ақ, илажда депутатлыққа талабанлар халықтың абадан турмысы, пуқаралардың сапалы билим алыўы, заманагөй медициналық хызметтен пайдаланыў, ең әҳмийетлиси, ертеңги күнниң раўажланыўы ушын бир қатар мақсетлер ҳәм перспективалы ўазыйпалардың мазмун-мәнисин жас сайлаўшыларға толық түсиндирди.
Ашықтан-ашық сөйлесиў процесинде жаслардың әҳмийетли машқалалары додаланды. Атап айтқанда, билимлендириўдиң сапасын арттырыў бойынша усыныслар билдирилди. Сайлаўшылар партияның талабанлары ҳаққында толық мағлыўмат алыў менен бирге, олардың турмыслық машқалаларды шешиўдеги режелерин де билип алыў имканиятына ийе болды.
Амангул Есемуратова, Өзбекстан “Адолат” СДП
Қарақалпақстан Республикасы Кеңеси баспасөз хаткери.
Қарақалпақстан хабар агентлиги