Уганданың Өзбекстандағы биринши елшиси Мосес Каваалууко Кизиге Ташкентке келди. Бул ҳаққында Өзбекстан Сыртқы ислер министри Бахтиёр Саидов telegram каналында мәлим етти.
Уганданың 2027-2029-жыллары Ҳәрекетке болажақ басшылығымызды қоллап-қуўатлаўын қәдирлеймиз. Сыртқы ислер министрликлери арасында сиясий мәсләҳәтлесиўлер жолға қойылыўы мәмлекетлеримиздиң пайдалы ҳәм перспективалы бирге ислесиўи ушын беккем тийкар жаратады. Исбилерменлердиң өз-ара байланысларын беккемлеў, халықаралық шөлкемлер шеңбериндеги бирге ислесиў, пайдаланылмаған имканиятты жүзеге шығарыў ҳәм басқа да мәселелер де күн тәртибимизден орын алды, деп жазады Бахтиёр Саидов.
Сондай-ақ, Сыртқы ислер министри Өзбекстан Қосылмаў ҳәрекетине Уганданың табыслы басшылығын қоллап-қуўатлайтуғынын билдирди.
Қарақалпақстан хабар агентлиги