Мәмлекетимиз басшысының басламасы менен Ташкент ҳәм Хийўа қалаларында еки күн даўам еткен «Ислам – тынышлық ҳәм жақсылық дини» темасындағы арнаўлы халықаралық конференцияның жумысы жуўмақланды.

Конференцияның төртинши секторы Хийўа қаласында муқаддес Қуран оқыў менен басланды.

Әнжуманда Халықаралық мусылман уламалары кеңеси баслығы Али Муҳиддин Қарадоғий, Мусылман данышпанлары кеңеси жанындағы Тынышлық изертлеўшилер орайының атқарыўшы директоры Самир Будинар, Египет муфтийи, доктор Назир Муҳаммад Айёд, Ҳиндстан «Дар ал-Ҳуда» Ислам университети проректоры Жамолуддин Надави, Болгар ислам академиясы докторы Сайфул Асрий, Қазақстан мусылманлары диний басқармасы баслығы, бас муфтий Наврўзбай Таған улы, Истанбул университети профессоры Эмек Ушенмез, Түркия Текирдағ университети профессоры Халит Эрен, Франция миллий илимий изертлеўлер орайының жойбарлаў директоры Карим Ифрак баянатлар жасады.

Қатнасыўшылар елимизден уллы илимпазлар ҳәм уламалар жетилисип шыққаны, олардың илимий мийрасын үйрениў бүгинги күнде қаншелли әҳмийетли екенлиги, соның менен бирге, оларда Исламның адамгершилик мәниси ашып берилгени, ең уллы жемислерден болған тынышлықты қәстерлеп-сақлаў бойынша әҳмийетин жоғалтпайтуғын шақырықлар сәўлеленгенин атап өтти.

-Бүгинги халықаралық ушырасыў да пайдалы ҳәм нәтийжели болғанына исенимим кәмил,-дейди Қазақстан мусылманлары диний басқармасы баслығы, бас муфтий Наврўзбай Таған улы. –Ислам дини социаллық мәселелерге айрықша итибар қарататуғынын жақсы билемиз. Инсанлардың социаллық қәўипсизлигин тек ғана ислам дини толық тәмийинлей алады, десек алжаспаған боламыз. Бул мәселе бойынша әмелге асырылған жумыслар менен бир қатарда оның өзине тән өзгешеликлери, машқалалары да бар. Бирақ бүгинги ушырасыўымыз мине, усы машқалаларды шешиў жолындағы ең әҳмийетли қәдемлерден бири, деп айтыў мүмкин. Социаллық қорғаў дегенде, бәринен бурын, кем тәмийинленгенлер, мүтәжлер көз алдымызға келеди. Ҳәр бир жәмийетте бай менен кәмбағал, күшли менен ҳәлсиз, саламат инсан менен  наўқас қарама-қарсы жасайды. Бирақ барлығымыз Қудайдың алдында теңбиз, тек ғана айырым жағдайларға бола ҳуқық ҳәм миннетлеримизде айырмашылықлар болыўы мүмкин. Соқырларға жәрдем бериў, герең ҳәм сақаўлар менен түсиникли етип сөйлесиў, мүтәжди керекли жерге жетеклеп барыў, дәрттен қутылыў жолын излеп атырған жәбирлениўшиге, ҳәлсизликтен ҳәм сөйлеўден қыйналатуғын адамға жәрдем бериў- булардың барлығы садақа болып есапланады. Ҳәр бир жақсы сөз де қайыр-сақаўат болып табылады.

Конференция жумысында ҳәзирги күнде исломофобия, айырым мәмлекетлер арасында түрли келиспеўшиликлер даўам етип, глобалласыўдың унамсыз тәреплери ҳәўиж алып атырғаны атап өтилип, усы сыяқлы машқалалардың алдын алыў ушын Ислам дини тәлийматларын тереңнен үйрениў, жаслар арасында илимди үгит-нәсиятлаў керек екенлиги қоллап-қуўатланды.

-Илим сыпатында жасларға, усы әнжуманды бақлап барған саламат пикирлейтуғын адамларға айтатуғын сөзим усы, жаман пикирлерге ерип атырғанлар билип қойсын, Ислам жақсылық дини. Ол ҳеш қашан қан төгиўге, зорлық етиўге ийтермелемейди. Муқаддес ислам атынан әмелге асырылып атырған бузғыншылықлардың буйыртпашылары мөминлерден емес, – деди Болгар ислам академиясы докторы Сайфул Асрий. – Ислам илимин, оның адамгершилик идеяларын, кеңпейиллик бойынша усынысларын үйренбекши болғанлар, бузғыншы категориялардың жетекшилерине емес, сап тафсирге, Расулымыз саллалаҳу алайҳи ўассаламның сүннетлерине сүйенген ҳалда сабақ берип атырған, ҳәр бир елде бузғыншылыққа яки жаўызлықларға себеп болмаған, жақсы пикирдеги илимпазларымыздың пикирлерине итибар берсин. Себеби, жаман пикирлерге қосылыўдың ақыбети жақсылық пенен жуўмақланбайды. Ким динде терең кетсе, ол адасады. Дүньядағы бир қанша мәмлекетлерди биз илимпазлар бир аўыздан қоллап-қуўатлаймыз. Бир сөз бенен айтқанда, бул шақырық тек ғана ислам үммети ушын емес, ал пүткил адамзат ушын үмит сазасы болып табылады.

Баянатлардан соң қатнасыўшылар тема шеңберинде бир қатар жақсы басламаларды алға қойды ҳәм Өзбекстан Республикасы Президентине мүрәжат жоллады.

Сондай-ақ, «Ислам –тынышлық ҳәм жақсылық дини» темасындағы халықаралық конференциясының жуўмақлаўшы декларациясы қабыл етилди.

Арнаўлы әнжуман қатнасыўшылары Хийўа қаласындағы Ишан қала комплексиниң естеликлери менен танысып, муқаддес орынларды зыярат етти.

-Өзбекстанда муқаддес орынлар оғада көп,-дейди Ал Азҳар билим орайының кафедра баслығы Авод Маҳмуд Салим.- Олардың тарийхын үйренген адам усы елди жақсы көрип бара береди. Себеби, бул жерден Ал Хорезмий, Маҳмуд аз-Замахшарий сыяқлы уллы илимпазлар, дүньяға даңқы жайылған диний уламалар жетилисип шыққан. Әййемги қаланың бүгинги көриниси, оның қәстерленип-сақланып киятырғаны итибарға ылайық.

Хийўа тарийхы ҳәм оның илими, Ислам дини раўажланыўына қосқан үлеси, сондай-ақ, аймақтың бай мәденияты ҳәм көркем өнери ҳаққындағы гүрриңлер мийманларда үлкен тәсир қалдырды.

ӨзА