Волонтёрлық — бул өз ўақтын, күшин ҳәм билимин басқаларға жәрдем бериўи ушын жумсаў болып есапланады. Бул тек ғана билим алыўға емес, ал жеке раўажланыў ушын әжайып имканият болып есапланады.
Ҳәр бир волонтёр, өз жәмийетиниң әҳмийетли бир бөлеги болып, түрли социаллық машқалаларды шешиўге өз үлесин қосады. Бүгинги күнде волонтёрлық хызмети кең тарқалған. Адамлар тәбиятты қорғаў, қарияларға жәрдем бериў, балалардың билимлерин жетилистириў ҳәм басқа да көплеген бағдарлар бойынша жумыс алып бармақта. Бул процесс тек ғана жәмийет ушын емес, ал, волонтёрлар ушын да пайда келтиреди: яғный, көнликпелерди үйрениў, қарым-қатнас жасаў имканиятлары менен өмирдеги тәжирийбелерди арттырыў сыяқлы мысалларды келтириўимиз мүмкин.
Волонтёрлар көбинесе түрли шөлкемлер менен бирге ислесип, әҳмийетли жойбарларда қатнасады. Мәселен, аўыллық жерлерде оқыўшыларды қоллап-қуўатлаў, қала орайларында жәмийет саламатлығын арттырыў яки тәбиятты қорғаў ушын дөгереклерди дүзиў сыяқлы хызметлер арқалы әмелге асырылады.
Волонтёрлықтың және бир әҳмийетли тәрепи- бул ҳәр түрли миллет ўәкиллери менен мәденият ғайраткерлериниң арасында көпир жаратыў болып есапланады.
Ҳәр бир волонтёрдың өзиниң пикирлеў тәризи ҳәм тәжирийбеси бар, бул болса бир-бирин жақсырақ түсиниўге жәрдем береди.
Мәмлекетимизде волонтёрлық хызметин және де раўажландырыў, ҳәр бир пуқараның социаллық басламаларын арттырыў мақсетинде ҳәр түрли илажлар әмелге асырылмақта.
Ҳәзирги ўақытта жер жүзинде 100 ге шамалас мәмлекетте волонтёрлық шөлкемлери бар. Олар мәмлекет тәрепинен ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатланбақта, волонтёрлық хызмети жәмийеттиң раўажланыўының әҳмийетли бөлегине айланбақта.
Волонтёр — (ықтыярлы) — өз қәлеўи менен ўақтын ҳәм мийнетин қандайда бир жәмийет исине, ҳеш қандай мәплерсиз, өз ықтыяры менен жумсайтуғын шахс яки топар. Мәселен, жадидлердиң ҳәрекетин «волонтёрлық ҳәрекети» деп атаўымыз мүмкин. Бизге волонтёрлық сөзи шеттен кирип келген болса да, мазмуны ҳәм әмели әсирлер даўамында жасап киятырған қәдириятларымызға тутасқан.
Қарақалпақстан Республикасында да волонтёрлық хызметин раўажландырыў ушын ҳәр түрли басламалар әмелге асырылмақта. Бүгинги күнде Нөкис қаласында бир неше «Волонтёрлық командалар» жумыс алып бармақта. Олар ҳәр түрли илажлар, тийкарынан ҳәр қыйлы жойбарларда қатнасып келмекте. Буннан тысқары, Қарақалпақстан Республикасында Жаслар ислери агентлиги жанында туңғыш мәрте «волонтёрлар мектеби» ашылды. Нөкисте усындай мектеп 2021-жылы ашылды. Мектеп «Саўаплы исти ҳәр ким ҳәр күни ислеўи керек» сүрени астында тили, дини, миллети ҳәм жасына қарамастан ықтыярлы пуқаралардан қуралған.
Усы пайытқа шекем мектепти 7 мәўсим питкериўшилери табыслы питкерди. Оқыў-семинарлар әдетте бир ай даўам етеди, оқыўшылар ҳәм оқып, ҳәм әмелиятта өз пикирлерин көрсетеди. 1 айдан соң волонтёрлар сертификат пенен сыйлықланады. Мәмлекетимиз тәрепинен де волонтёрларды қоллап-қуўатлап атырғанлығы биз ушын қуўанышлы жағдай.
Волонтёрлық ҳаққында халқымыздың көплеген қатламының хабары жоқ болыў мүмкин, лекин, ҳәр жылы қатарымыздың кеңейип атырғанлығы елимизде де бул хызметтиң раўажланып атырғанынан дерек береди. Тийкарынан ҳәр бир пуқара өмиринде бир мәрте болса да волонтёрлық хызмети менен шуғылланған. Солай етип, волонтёрлық тек ғана басқаларға жәрдем бериў болып қалмастан, ал өзимизди раўажландырыў ҳәм жәмийетти жақсылаў жолында әҳмийетли қәдем болып есапланады. Ҳәр бир инсанның азғана жәрдеми үлкен өзгерислерге алып келиўи мүмкин. Волонтёр болыў, ҳәр кимге имканият жаратады-өзгерислерге, жақсылыққа ҳәм үмитке толы болған келешегимиздиң үстини десек алжаспаймыз.
Шахноза Түркменбаева, Бердақ атындағы ҚМУ журналистика қәнигелигиниң 4-курс студенти.
Қарақалпақстан хабар агентлиги