«2024-жыл – Жаслар ҳәм бизнести қоллап қуўатлаў жылы» мүнәсибети ҳәм Кадастр тараўында жумыс ислеўши жаслардың пикир-усынысларын тыңлаў мақсетинде кадастр агентлиги ҳәм Мәмлекетлик кадастрлар палатасы Қарақалпақстан Республикасы басқармалары ҳәм Республика Аэрогеоздезия орайы Қарақалпақстан Республикасы бөлими басшыларының жаслар менен ушырасыўы өткерилди.
Илажда кадастр тараўында жасларға жаратылып атырған шараятлар ҳәм жеңилликлер ҳаққында мағлыўматлар берилип, жаслардың тараўдағы жумысларға байланыслы пикир-усыныслары тыңланды.
Мағлыўмат ушын, усы жылдың өзинде ашық-айдын өткерилген таңлаўлар нәтийжесинде Мәмлекетлик кадастрлар палатасы Қарақалпақстан Республикасы басқармасы ҳәм оның филиалларына 60 тан аслам жас жумысқа қабыл етилген.
Илажда жасларға жуўапкершиликли ўазыйпаларды ҳәм талапларды орынлаўда ҳадал болыўы, тапсырылған тапсырмаларды сапалы және өз ўақтында орынлаўы бойынша мәсләҳәтлер берилди.
Ушырасыў даўамында жас қәнигелер өзлерин қызықтырған сораўларға жуўап алды.
Ә.Жийемуратов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги