Нөкис қаласындағы Жас әўлад мәкан пуқаралар жыйынының заманагөй типтеги жаңа имаратының пайдаланыўға тапсырылыў мәресими болып өтти.

Илажда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң комитет баслығы Ш.Өтемисов, Өзбекстан мәҳәллелери аўқамы Қарақалпақстан Республикасы басқармасының баслығы С.Турманов, қала ҳәкими А.Данияров, мәҳәлле белсендилери ҳәм нураныйлар қатнасты.

Шығып сөйлеўшилер жыйналғанларды көркем локацияда «Дослық» каналының бойында бой тиклеген жаңа мәҳәллениң ашылыўы менен шын кеўилден қутлықлап, мәҳәлле жетилигиниң мәмлекет ҳәм мәҳәлле халқы арасындағы көпир болыўдай миннетли жумысларында табыслар тиледи.

Атап өтилгениндей, жаңа имараттың қурылыўында мәҳәлле жетилиги менен жергиликли халықтың аўызбиршилиги үлкен әҳмийетке ийе болды. Себеби, “Нукус электро строй монтаж” ЖШЖ тәрепинен қурылған бул имарат 2024-жылдың 1-мәўсиминде «Басламалы бюджет» жойбарында жеңип алынған 1 миллиард 360 миллион сумлық қаржы есабынан әмелге асырылды.

Ашылыў салтанатынан соң мийманлар жаңа мәҳәлле имараты менен танысты. Имаратта мәҳәлле жетилигиниң пуқараларды қабыллаўы және олар менен тығыз бирге ислесиўи ушын барлық имканиятлар жаратылған. Жетилик ханалары, кең ҳәм жақтылы фойе және руўхыйлық ханасы пуқаралардың хызметинде.

– Мәҳәллемиз 2022-жылдың февраль айында халық санының артыўына байланыслы Қумбыз аўыл мәҳәллесинен бөлинип шыққан еди,-дейди мәҳәлле баслығы А.Кудайназарова.  – Аймағымыздың Жас әўлад деп аталыўы да тегин емес. Себеби, мәҳәллемиздеги жәми 38 көп қабатлы турақ жай ҳәм 1 көшеде жасаўшы 4200 ден аслам адамның басым көпшилигин жас шаңарақлар қурайды.

Мағлыўмат орнында: быйылғы жылдың өткен дәўиринде Нөкис қаласында 10 мәҳәлле заманагөй типтеги жаңа имаратына ийе болған болса, жыл жуўмағына шекем және бир неше мәҳәллелерди пайдаланыўға тапсырыў режелестирилмекте.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги