«Еркин Қарақалпақстан» газетасының 100 жыллығы алдынан

Бизлер газетада күнимиз фотохабаршыларға қарап қалған заманларда иследик. Жазған мақаламызға сүўрет керек болса, репортажлар таярласақ, әлбетте фотохабаршы менен бармасақ, жумысымыз питпес еди. Ҳәзир қолында телефоны бардың бәри сүўретши, газетшилер фотохабаршыларға жалынып отыратуғын дәўирлер артта қалды. Ашығын айтыўымыз керек, сүўретлердиң сапасына да талап бурынғыдай емес. Ҳәр «летушка»да ана сүўретиңди анадай етип түсиргенсең, мынаўың мынадай деп «оттан алып, суўға» салатуғын фотохабаршы штаты менен қосылып кетти.

«Еркин Қарақалпақстан» газетасының тарийхында из қалдырған инсанлар жүдә кѳп. Газетаның 100 жыллығы босағасында ѳзим жақсы билетуғын айырым фотохабаршылар  туўралы да сѳз етпекшимен.

Карам Оразов   

Тек Қарақалпақстанда емес, сүўретлери шет еллердиң басылымларында жәрияланып турған Карам Оразовтың шеберлиги ҳешбир сүўретшиге усамайды. Сол жыллардағы «Еркин…»ниң тигиндилерин парақлап кѳрсеңиз, оның түсирген сүўретлери «сѳйлеп» туратуғынына ѳзлериңиз де гүўа боласыз.

Ол ўақытларда фотохабаршылардың қәдири соншелли бәлент, барлық әсбап-әнжамлары менен редакциядан арнаўлы еки хана ажыратылып, қараңғы ханасында плёнкаға сүўрет шығарса, екиншисинде жазыў-сызыўын питкерер, хабаршылар, жуўаплы хаткерлер сүўретке байланыслы мәселелерин шешип алар еди.

Карам аға усы редакцияда узақ жыллар мийнет етип, ўазыйпасын жоқары дәрежеде атқарған. Бирақ, минезиниң басқаларға усамаўы, туўры сѳзлиги, ўақтында бокс бойынша Ѳзбекстан чемпионы болғаны ушын ба, сәл қызыңқырап кетсе «еркекшелеп» сѳйлесип қойыўға ҳәўес болғаны ҳәммеге бирдей жаға бермеген (оның бундай минезлериниң ақыбетлерине кѳп мәрте гүўа да болғанбыз).

Мен Карам Оразов пенен «Еркин Қарақалпақстан»да бирге ислеспедим. Оны жақсы билетуғынымның себеби, Карам аға усындай пейилинен «Еркин…» менен хош аллияр айтысып, қалалық «Нѳкис ҳақыйқаты» газетасында фотохабаршы болған ўақтында усы редакцияға жумысқа араластым.

Ҳешким оның сүўретлеринен мин таба алмас, басқалардың қыялына келе бермейтуғын  ракурсларда түсирилген мийнет процесслерин, кѳпшилигимиз аңлай бермейтуғын тәбият гѳззаллықларын, сийрек тарийхый сүўретлерди алып келгенде оның талғамына, кәсиплик шеберлигине таң қалысар едик.

Бир күнлери редакцияда фотохабаршының  штаты қысқартылды. Кѳпшилигимиздиң сүўретшиликтен басқа жумыс қолынан келмейди, деген қам қыялларымызды пушқа шығарған Карам Оразов редакциямыздағы қәлеми ѳткир журналистке айланып «ѳтә» шықты. Жазса, қырсық нәрселерди жазды. Жазған мақалаларының толық дәлиллери болғанлықтан, редактор кѳпшилик жағдайларда еки оттың арасында қалар еди. Мақаланы газетаға бермеймен десе, Карам аға «не ушын бермейтуғыныңды жазып, қол қойып бересең» деп турып алар, берейин десе, қала басшыларының қысымға алатуғын тәреплери бар. Тиреспелердиң кейни кѳбинесе Карам ағаның пайдасына шешилди.

Бир күни ол «Жатырлары бос болып шықты» деген еки абзац кѳлеминдеги қысқа мақала алып келди. Онда еле турмысқа шықпаған студент қызлар (олардың арасында ақсақаллардың қызлары да болған) пахтадан қалыўы ушын «ҳәмледар» деп мағлыўматнама берип отырған шыпакерлер туўралы жазылған еди. Редакторымыз автордың қолында сонша дәлили турған соң газетада жәриялаўға мәжбүр болды. Бирақ, қысымды ѳзи кѳрди…

Мен редактордың ўазыйпасын атқарған ўақтымда Карам Оразов бир рентгенологтың нырққа сыймайтуғын ҳәрекетин фельетон етип жазды. Қоңыраўлар еле газета шықпай турып басланды. Денсаўлықты сақлаў министрлигинен, қалалық ден саўлықты сақлаў бѳлиминен фельетонды шығармаўды ѳтиниш етиўшилер кѳбейди. Ҳәтте, мени Жоқарғы Кеңеске шақырып «редактор жумысқа шыққанға шекем газетаға баспай иркип турасаң» деген талап қойылды. Оларға «Фельетон газетаның ертеңги санына шығып атыр. Мен беттен  алып таслаўым мүмкин, бирақ автор не ушын алып таслағанымды жазба түрде бериўимди талап ететуғыны анық. Себебин жазып бере беремен» дегенимнен соң газетада басылды.

Қулласы, сол жыллары даў-жәнжелли болғаны менен қалалық газета қызықлы шығар еди. Карам ағаны жалынып келгенлер де, ҳәкимияттың жанына келип, ѳзин ѳртемекши болған   «қаҳарманлары» да, «перзентлерим сени тири жүргизбейди» деп редакцияның есигин теўип кететуғынлар да жибите алған жоқ. Солай етип, хабаршыға айланған фотохабаршы сол дәўирдеги кѳп «телпек дирилдеспе»лердиң тийкарғы себепшилериниң бири болды.

Бердинияз Аллашев             

«Еркин Қарақалпақстан»да қанша кѳп ислесе, үстинен сонша кѳп «гүзе сынатуғын» фотохабаршы Бердинияз Аллашев болды. Ҳақыйқатында да мийнеткеш, жуўапкершилиги күшли, редакциядан тапсырма болса, ѳзин отқа да, суўға да урыўға таяр туратуғын Бердинияз тәжирийбе топлайман дегенше бираз суўлар ағып ѳтти ҳәм ақыры ѳз мақсетине еристи. Тек «Еркин…» емес, дѳгеректеги басқа газеталарды да жақсы сүўретлер менен тәмийинлеўге үлес қосты. «Мен Қарақалпақстандағы №1 фотографпан» деп ойынлы-шынлы аралас ѳзиниң кеўлин кѳтерип жүрер еди. Ол ѳмириниң ақырғы жылларында «Еркин…»деги жумысына қоса ѲзА ның Қарақалпақстандағы фотохабаршысы болып иследи, Ѳзбекстан кѳлеминдеги газеталарда сүўретлери кѳрине баслады.

Бердинияз бенен жумысқа қатар араластық. Ол «ҳәммениң кеўлин таўып сѳйлеўге тырысты. «Ойларыңызды бѳлип жибермеймен бе?», «мениң бухгалтерим, мүмкин бе?», «мениң секретарым кирсем бола ма?» деп сыпайылық кѳрсетип, есиклеримизди қағып турғанда оның ҳәзиллесип ислеген ҳәрекетлерине бир күлисип алар едик.

Бердинияз Аллашевтың бир әрманы мәмлекетлик атақ алыў болды. Жасы елиўден асқан соң ҳәр баспасѳз байрамы күни «бул байрамда атақтан қуры қалдық, тек Ҳүрмет жарлық пенен жүре беремен бе, кѳресиз, келеси жылы әлбетте береди» деп үмит етти. Маған «атақ алғанымда ѳзиң жазасаң» деп муқыятлап тапсырып қояр еди. Бирақ, бендениң айтқаны бола бере ме, 2007-жылы 53 жасында бул әлем менен хошласты.

Жумабай Жақсымуратов    

Ѳмирин газета менен байланыстырған фотохабаршылардың және бири Жумабай Жақсымуратов. Мийнет жолын «Жеткиншек» газетасынан баслаған ол соңынан «Вести Каракалпакстана», «Еркин Қарақалпақстан» газеталарының «кеўли нама таныйтуғын» пидайы фотохабаршысы болды.

Оны Карам Оразовтың шәкирти десек те қәтелеспеймиз. Екеўи «Жеткиншек» газетасында бирге ислеген. Жаслайынан сүўретке алыўға қызыққан Жумабай, Карам ағаның кәсиплик  шеберликлерин ҳәўес пенен бақлап барған, үйренген.

Жумабай Жақсымуратов Қарақалпақстанда фотожурналистика тараўын раўажландырыўға  салмақлы үлеслерин қосты. Излениўшең, мийнеткеш фотохабаршы сыпатында ҳүрметке еристи. Газеталарда 40 жыл жемисли мийнет етип, хабаршылар менен теңдей ат салысты. Республикамызда ол сүўретке түсирмеген хожалық, мәкеме, шѳлкем қалмады. Бул жыллар Жумабайды халқымызға кеңнен танытты.

                  Пердегүл Хожамуратова,

Қарақалпақстан Республикасына

мийнети сиңген журналист.

Қарақалпақстан хабар агентлиги