Сырт елде жалланып ислеген Өзбекстан Республикасы пуқараларының пенсиясын есаплап шығарыў ушын алынатуғын мийнет ҳақы төмендегише анықланады:
2019-жыл 1-январьға шекем болған дәўир ушын – Өзбекстан Республикасы Қаржы министрлиги жанындағы бюджеттен тысқары Пенсия қорына төленген қамсызландырыў төлемлериниң муғдарынан;
2019-жыл 1-январьдан 2019-жыл 31-декабрьге шекем болған дәўир ушын – төленген бирден-бир социаллық төлем муғдарынан;
2020-жыл 1-янарьдан – төленген социаллық салық муғдарынан келип шыққан ҳалда анықланады.
Өзбекстан Республикасының дипломатиялық ўәкилликханалары ҳәм консуллық мәкемелериниң хызметкерлери, сондай-ақ, Өзбекстан Республикасы Сыртқы ислер министрлиги тәрепинен халықаралық ҳүкиметлераралық шөлкемлерге квота етилген лаўазымларға хызмет сапарына жиберилген шахсларға пенсияны есаплап шығарыў ушын мийнет ҳақысын анықлаў тәртиби Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети тәрепинен белгиленеди.
Усы тема ҳаққында Әдиллик министрлиги жанындағы «Адолат» миллий ҳуқуқый мәлимлеме орайының бас қәнигеси Феруз Жўраев толық мағлыўмат береди.
М.Турдалиева, А.Аҳмедов (видео), ӨзА