Пайтахтымызда жайласқан Қәнигелестирилген билимлендириў мәкемелери агентлигине қараслы Ибрайым Юсупов атындағы дөретиўшилик мектебинде 2024-2025-оқыў жылында усы мектепке тапсырыўды қәлеўшилер ушын «Ашық есиклер күни» илажы өткерилди.

Оған пайтахтымыз Нөкис қаласы ҳәм басқа да районлардан келген оқыўшылар, олардың ата-аналары, муғаллимлери ҳәм ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери қатнасты.

Онда мектеп директоры Руслан Ташимов, директор орынбасарлары Баҳадыр Рамийев ҳәм Алишер Мадеминовлар шығып сөйлеп, дөретиўшилик мектептиң тарийхы ҳәм оның бүгинги жағдайы бойынша кең түрде мағлыўматлар берди.  Атап айтқанда, мектеп басшылары тәрепинен оқыў дәргайында оқыўшылардың билим алыўы ҳәм жасаўы  ушын жаратылған шараятлар, жаслардың соңғы жыллары пәнлер олимпиадасы, ҳәр қыйлы таңлаў ҳәм спорт жарысларында қолға киргизип атырған табыслары мақтаныш пенен тилге алынды.


-Өткен оқыў жылында мектебимизди 39 оқыўшы питкерген болса, солардан төртеўи Россия, Қубла Корея, Сингапур ҳәм Түркия мәмлекетлериндеги ең абырайлы жоқары оқыў орынларына кириў бахтына миясар болды,-дейди мектеп директоры Р.Ташимов.-Сондай-ақ, оқыўшыларымыз «Жас китапқумар», «Камалак жулдызлары», «Театр-Ибратхонадур» таңлаўларында жеңимпазлықты қолға киргизип киятыр. Аниса Кәримбаева, Гүлзийра Бийсенбаева, Бийбираба Мавленова, Самад Абдреймов, Дилбар Жолдасбаева, Зебузар Камалова ҳәм Ҳүрлиман Шамшетдинова сыяқлы жаслардың қосықлары Өзбекстан Жазыўшылар аўқамы ҳәм Агентлик қурамындағы дөретиўшилик мектеплери жас дөретиўшилери тәрепинен «Ижод боғидан гулдаста» атамасында басып шығарылған китапта жәрияланды. 2021-жылдан баслап мектебимизде «Аязий» атамасында көркем-әдебий журнал турақлы түрде шығып келмекте. Сондай-ақ, мектепте оқыўшылардың сабақтан бос ўақытларын мазмунлы өткериўи ҳәм олардың талантларын жүзеге шығарыўына жәрдемлесиў мақсетинде,  «Замин» креатив инклюзив, «Медиа», «Дизайн» ҳәм «Актёрлық шеберлиги» дөгереклери шөлкемлестирилген.

Өткерилген илаж шеңберинде илаж қатнасыўшылары мектептиң ишки турмысы менен жақыннан танысып, өзлериниң қызықтырған мәселелери бойынша сораўларына жуўаплар алды.

Мағлыўмат ушын айтатуғын болсақ, быйылғы жылы Ибрайым Юсупов атындағы дөретиўшилик мектепке 40 оқыўшы қабылланыўы режелестирилген.

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги