Өзбекстан кәсиплик аўқамлары Федерациясының Қарақалпақстан Кеңеси тәрепинен Өзбекстан кәсиплик аўқамлары Федерациясының Мийнет ҳәм жәмийетлик қатнасықлар Академиясында 2024-2025-оқыў жылы ушын қабыллаў басланғанлығын кең жәмийетшиликке билдириў, тараўдағы жоқары мағлыўматлы кадрларға мүтәжлиги бар мәкемелердеги хызметкерлерди оқытыўды режелестирген шөлкемлер менен бирге ислесиў белгиленгенлиги мүнәсибети менен дөгерек сәўбетлесиўи шөлкемлестрилди.

Онда усы академияның бөлим баслықлары Х.Бозорбоев, Т.Холиқов, республикамыздағы жоқары оқыў орынларының, орта-арнаўлы билимлендириў, халық билимлендириўи мәкемелериниң ўәкиллери, абитуриентлер, кәсиплик аўқамлары белсендилери ҳәм ири кәрхана ҳәм шөлкемлердиң қәнигелери қатнасып, пикир алысыўлар болды.

Илажда қәнигелер академияда бүгинги күнде әмелге асырылып атырған жумыслар ҳәм 2024-2025-оқыў жылы ушын күндизги, сыртқы тәлимниң бакалавр бағдарларына абитуриентлердиң академияға ҳүжжет тапсырыўы менен байланыслы  мәселелер бойынша қатнасыўшыларға кең түрде түсиниклер берилди.

Атап өтилгениндей, Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2021-жыл 23-август күнги тийисли қарарына муўапық, 2022-2023-оқыў жылында өз жумысын баслаған Өзбекстан кәсиплик аўқамлары Федерациясының Мийнет ҳәм жәмийетлик қатнасықлар Академиясы Орайлық Азияда бирден-бир мийнет ҳәм жәмийетлик қатнасықлар тараўына жоқары мағлыўматлы кадрларды таярлап бериўши жоқары оқыў орны болып есапланады.

Себеби, ҳәзирги ўақытта мийнет қатнсықлары бағдарында қәнигели кадрларды таярлаў тек ғана Өзбекстанда емес, ал раўажланған мәмлекетлерде де әҳмийетли стратегиялық ўазыйпалардан есапланады.

Қатнасыўшылар өзлерин қызықтырған сораўларға жуўап алды.

 Ә.Жийемуратов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги