Усы күнлери елимизде 9-май Еслеў ҳәм қадирлеў күни кеңнен белгиленбекте. Президентимиздиң пәрманына муўапық, Екинши жер жүзилик урысы қатнасыўшылары ҳәм майыпларына бир мәртелик ақшалай сыйлық тапсырылмақта. Олардың жағдайынан хабар алынып, меҳир-мүриўбет көрсетилмекте.
Жүз жас пенен қарсыласып, турмыстың барлық ашшы-душшысын көрген бул инсанлар ушын ең кереги денсаўлық. Соның ушын олардың саламатлығын беккемлеўге турақлы итибар қаратылмақта. Әйне күнлерде де бир топар урыс қатнасыўшылары госпитал ҳәм санаторийларда емленбекте.
Президентимиз Шавкат Мирзиёев 8-май күни Қорғаныў министрлигиниң Орайлық әскерий клиника госпиталына барып, урыс қатнасыўшыларының жағдайынан хабар алды.
Ускен ата Хаджиманов Боёвут районынан, Файзулла ата Нурматов Аққорған районынан, Анарбай ата Жалилов Паркент районынан, Муҳиддин ата Досанбаев Орташыршық районынан келип емленбекте. Олар турмысынан разы екенин, мәмлекетимиздиң ҳәм адамлардың ҳүрметинен қуўанышлы екенин айтты. Саламатлықлары районлық медицина бирлеспесиниң турақлы, қадағалаўында бийпул дәри-дәрмақлар ҳәм ҳәр жылы санаторийларға жолламалар бериледи.
Нуранийлер Президентимизге ақлық-шаўлықларының оқыўлары ҳәм жумыслары, жетискенликлери ҳаққында айтып берди. Олар билимлендириў, қурылыс, ишки ислер, аўыл хожалығы сыяқлы түрли тараўларда нәтийжели мийнет ислеп, елимиздиң раўажланыўына үлес қоспақта. Жаслар заманагөй билим алып, сырт еллерге оқыўға кетпекте. Бабаларымыз оларды тынышлықтың қәдирине жетиў, ўатан сүйиўшилик, мийнет сүйиўшиликке шақырмақта.
Барлық ҳәрекетлермиз халқымызды разы етиў ушын,- деди Шавкат Мирзиёев.- Реформалар нәтийжелери ең төменге, ҳәр бир шаңараққа кирип барыўын қәлеймиз. Режелеримиз де үлкен. Барлығы, бирлессе биргеликте ҳәрекет етсе ойлаған нийетлеримизге тезирек ерисемиз. Сиздей нуранийлердиң тилеклери бизлерге мәдат болады. Сизлердиң турмысыңыз күш, мәртлер мектеби, сөзлериңиз жасларға үлги.
Аталарымыз меҳир-итибар ушын мәмлекетимиз басшысына рахметлер айтты. Дүньяның тынышлығы, жаслардың жарқын келешегин сорап тилеклер тиледи.
Госпиталда Екинши жер жүзилик қатнасыўшыларына мүнәсип қаралмақта. Бул орай толық оңланып ҳәм жаңа имаратлар қурылып, 2022-жылы пайдаланыўға тапсырылған еди. Госпитал жәми 700 орынға мөлшерленген болып, бул жерде әскерий хызметкерлер. Олардың шаңарақ ағзалары, тараў ветеранлары бийпул емленеди. Буның ушын 286 түрли диагностикалық тексериў, 600 ден артық оперциялар жолға қойылған, 30 ға шамалас қәнигелескен бөлимлер шөлкемлестирилген.
ӨзА