Жасы үлкенлерди ҳүрметлеў, оларға сый-иззет көрсетиў халқымызға тән болған ағла пазыйлетлердиң бири болып есапланады.  Әсиресе, соңғы жыллары елимизде екинши жер жүзилик урыс жылларында пидайы мийнет еткен нуранийларымызды еске алыў ҳәм қәдирлеў бойынша көплеген унамлы ислер әмелге асырылмақта.

Тахтакөпир районы ҳәкими Ж.Адилов, сектор баслықлары ҳәм районлық Қорғаныў бөлими хызметкерлери менен биргеликте «9-май – Еслеў ҳәм қәдирлеў күни» мүнәсибети менен Өзбекстан мәкан пуқаралар жыйынында жасаўшы 100 жастан асқан, екинши жер жүзлик урыс жылларында фронт артында, тылда мийнет еткен нураный апамыз Бийбихан Акимниязованың ҳалынан хабар алып, оның менен жақыннан сәўбетлесип, байрам саўғаларын тапсырды.

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги