Елимизде ҳәр жылы 9-май-Еслеў ҳәм қәдирлеў күни сыпатында белгиленип, усы күни халқымыз абаданлығы жолында түрли тараўларда нәтийжели жумыс ислеген инсанлар еске алынып, олардың шаңарақларынан хабар алыў жақсы жолға қойылып келинбекте.

Өзбекстан мәмлекетлик көркем өнер ҳәм мәденият институты Нөкис филиалында тарийх илимлериниң кандидаты Пахратдин Палўаниязовтың 50 жыллығы мүнәсибети менен еслеў кешеси болып өтти.

Оған  марҳумның шаңарақ ағзалары, туўысқанлары, жора-жолдаслары, шәкиртлери, сондай-ақ, филиалдың  профессор-оқытыўшылары ҳәм студент-жаслары катнасты.

Илажда филиал директоры А.Аяпов, Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан Республикаларына мийнети сиңген көркем өнер ғайраткери, профессор Қ.Заретдинов, Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институты оқытыўшысы, педагогика илимлериниң кандидаты И. Алланиязов, «көркем өнертаныў» кафедрасы баслығы, доцент Ж.Хожанов, Есжан бақсы атындағы 1-санлы балалар музыка ҳәм көркем өнер мектеби директоры, доцент А.Ережепов ҳәм басқалар шығып сөйлеп, Пахратдин Палўаниязовты  оның өмири, илим-билимлендириў тараўында ислеген ийгиликли мийнетлерин еске алды.

Еслеў кешесинде атап өтилгениндей, П.Палўаниязов илим-билимлендириў тараўында 24 жыл хызмет етти. Атап айтқанда, ол 2013-жылдан баслап өмириниң ақырына шекем усы филиалдың басшысы ретинде жумыс алып барды. Ол кишипейил инсан, әдиўли устаз, жәмийетлик искер болыў менен бирге көплеген шәкиртлер жетистирип, оның авторлығында  үш оқыў методикалық қолланба ҳәм 50 ден артық илимий мақала ҳәм тезислери баспадан шықты.


Илажда қатнасыўшыларға П.Пахратдиновтың мийнет жолы ҳәм жумыслары ҳаққында таярланған видеоролик қойып берилип, устазлар ҳәм шәкиртлериниң аткарыўындағы концерт бағдарламасы менен даўам етти.

 

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги