Бесинши категорияға киргизилген Бозатаў, Кегейли, Қанлыкөл, Мойнақ, Тахтакөпир ҳәм Шоманай районларындағы исбилерменлик субъектлерине төмендеги салық жеңилликлери берилмекте. Бул ҳаққында салық басқармасы хабар бермекте.

Яғный, 2026-жылдың 1-январына шекем усы районларда дизимнен өткен ҳәм усы аймақларда жумыс алып барыўшы исбилерменлер пайда салығы, айланыстан алынатуғын салық ҳәм социаллық салықты 1 процент муғдарында төлейди. Юридикалық тәреплер мүлк ҳәм жер салығын усы салықлар бойынша есапланған сумманың 1 проценти муғдарындағы салық ставкалары бойынша төлейди.

Бул районларда дизимнен өткен ҳәм усы аймақларда жумыс алып барыўшы жеке исбилерменлер физикалық тәреплерден алынатуғын дәрамат салығының қатаң белгиленген суммаларын төлеўден азат етиледи.

Қарақалпақстан хабар агентлиги