Халықтыӊ арасында саламат турмыс тәризин ҳәм ғалабалық спортты кеӊнен үгит нәсиятлаў мақсетинде ферғаналы 36 нураний велоспортшы “Ферғана-Бухара-Қарақалпақстан” жөнелиси бойынша шөлкемлестирилген веломарафонда жолға шыққан еди.

Президентимиздиӊ 2021-жыл 24-сентябрьдеги “Велоспортты раўажландырыўға байланыслы комплексли илажлар ҳаққында”ғы қарарыныӊ орынланыўы тийкарында шөлкемлестирилген марафон қатнасыўшылары  7-май күни Төрткүл районына жетип келди.

Веломарафоншылар район ҳәкимлиги, жәмийетлик шөлкемлердиӊ ўәкиллери ҳәм жаслар тәрепинен күтип алынды. Салтананатлы күтип алыў мәресиминен соӊ мийманлар менен бир кеса чай үстинде сәўбетлесилди.  Усыннан кейин ветеран велоспортшылар мәнзиллерин даўам етип, Нөкис қаласына қарай жол алды.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги