Әзиз ўатанласлар, ҳүрметли ветеранлар!
Бүгинги байрам – 9-май – Еслеў ҳәм қәдирлеў күни ҳәм Екинши жер жүзилик урыста ерискен уллы жеңистиң 79 жыллығы мүнәсибети менен ҳүрметли ветеранларымызды, көп миллетли пүткил халқымызды қызғын қутлықлап, бәршеңизге өзимниң терең ҳүрметим ҳәм жақсы тилеклеримди билдиремен.
Усы қутлы күнде адамзат тарийхындағы ең аянышлы урыста мәртлик көрсетип, инсаниятты фашизм бәлесинен сақлап қалған қаҳарман ата-бабаларымыз ҳәм фронт артында мәртлик пенен мийнет етип, жеңисти тәмийинлеўге мүнәсип үлес қосқан мәрт ҳәм кеңпейил ўатанласлырымыздың естелигине жоқары ҳүрмет келтиремиз.
Саўаш майданларынан аман қайтып, мәмлекетимиздиң раўажланыўы жолында пидәкерлик пенен хызмет еткен, бүгинги күнде жақсы пәтиялары менен турмысымыздың берекетли периштеси болып киятырған қәдирли урыс ҳәм мийнет ветеранларына шексиз миннетдаршылығымызды билдиремиз.
Соның менен бирге, ғәрезсизлик жылларында Ўатанымыздың азатлығы, халқымыздың тынышлығы ҳәм парахатшылығын қорғаў ҳәм өз хызмет ўазыйпасын орынлаў жолында қайтыс болған мәрт әскерлеримиздиң естелигин миннетдаршылық пенен еске аламыз.
Қәдирли дослар!
Бүгин барлық қала ҳәм аўылларымызда өткерилип атырған илажларда бул аянышлы урыс елимиз ушын қандай үлкен қайғы ҳәм мүсийбетлер алып келгенин және бир мәрте еске алыўымыз тәбийғый болып есапланады. Сол аўыр жылларда фронтқа мобилизацияланған 1 миллион 950 мыңнан аслам өзбекстанлы жаўынгерлерден 538 мыңнан көбиреги қайтыс болғаны, 158 мыңнан асламы бийдәрек жоғалғаны, 870 мыңнан асламы түрли жарақатлар алғаны, 60 мыңнан асламы болса майып болып қайтқаны бул жеңис биз ушын қаншелли қымбатқа түскенин айқын көрсетип тур. Мине, усы аянышлы урыс халқымыздың кеўлинде қалдырған питпейтуғын жарақатты, арадан сонша ўақыт өткен болса да, елеге шекем умытып болмайды.
Урыс дәўиринде 214 мың әскер ҳәм офицерлеримиз мәртлик ордени ҳәм медальлары менен сыйлықланғаны, олардың 301 и Совет Аўқамының Қаҳарманы атағына, 70 и үш дәрежедеги «Слава» («Шуҳрат») орденине ийе болғаны биз ушын, сөзсиз, уллы жеңистиң ең жарқын бетлерин қурайды.
Мийтиндей аыўзбиршиликли халқымыз сол қәўипли жылларда фронт артында сабырлылық ҳәм мәртлик пенен мийнет етти. Санаат кәрханаларының жумысы фронт талаплары ушын қаратылды. Урыс жалыны ишинде қалған аймақлардан мәмлекетимизге 170 тен аслам завод ҳәм фабрика көширип келтирилди ҳәм қысқа мүддетте олардың жумысы қайта тикленди. Елимиз фронт ушын оғада үлкен муғдарда әскерий техника, қурал-жарақ, дәри-дәрмақ, кийим-кеншек, азық-аўқат ҳәм басқа да зәрүр өнимлер жеткерип берди.
Өзбекстан халқы 1941-1943-жылларда қорғаў фондына 475 миллион рубльден аслам қаржыны, 22 миллион рубль муғдарында баҳалы жеке буйымларды ықтыярлы түрде тапсырғаны жеңисти жақынластырыўға және бир әҳмийетли үлес болып қосылды.
Халқымыз жоқары адамгершилик пазыйлетин көрсетип, урыс аймақларынан эвакуацияланған 1 миллион 500 мыңға шамалас инсанға баспана берди. Ата-анасынан айырылған 250 мың жетим балаларға мийрим-шәпәәт көрсетип, соңғы бир тислем нанын да олар менен бөлисти.
Әзиз ўатанласлар!
Ески пайтахтымыз Ташкент қаласында халқымыз мәртлигиниң тымсалы сыпатында қурылған саўлатлы «Жеңис парки» естелик комплекси қысқа ўақыт ишинде қутлы зыярат етиў орнына айланды.
Усы күнге шекем бул жерге 2 миллион 200 мыңнан аслам зыяратшы келип, оны үлкен қызығыўшылық ҳәм итибар менен тамашалағаны да бул пикирди тастыйықлайды. Комплекс жәмәәти тәрепинен елиўге шамалас китап-альбом ҳәм монографиялар, сийрек ушырасатуғын ҳүжжетлер топламлары жаратылып, ҳәзирги ўақытқа шекем белгисиз болған жүзлеген тарийхый фактлер анықланып, жәмийетшиликке жеткерилди.
«Бабамды излеймен» жойбары шеңберинде урыста қатнасқан 2 миллионға шамалас ўатанласларымыздың дизими қәлиплестирилди. Ўатанласларымыздан келип түскен 300 ден аслам мүрәжатлар бойынша урыста бийдәрек кеткен 200 жаўынгердиң тәғдирине байланыслы әҳмийетли мағлыўматлар жыйналды.
Ҳүрметли дослар!
Бүгинги байрам мүнәсибети менен жанажан Өзбекстанымызда еслеў мәресимлери, түрли мәдений-ағартыўшылық илажлар, «үш әўлад ушырасыўлары» өткерилмекте. Тийисли министрликлер, уйым ҳәм шөлкемлер, әскерий бөлимлердиң басшылары қатнасыўында урыс ҳәм мийнет ветеранлары, ғәрезсизлик жылларында хызмет ўазыйпасын орынлаў ўақтында қайтыс болған әскерий хызметкерлер ҳәм үгит-нәсиятлаў уйымлары хызметкерлериниң шаңарақ ағзаларына қутлықлаў ҳәм саўғалар тапсырыўға бағышланған мәресимлер салтанатлы тәризде өткерилмекте.
Ҳүрметли урыс ветеранлары халқымыздың турақлы итибары ҳәм ҳүрметинде болып келмекте. Соның ишинде, жалғыз жасап атырған урыс ҳәм мийнет ветеранлары, ғәрезсизлигимизди қорғаў жолында қайтыс болған әскерий хызметкерлердиң турақ жайлары оңланып, абат етилмекте. Екинши жер жүзилик урыс қатнасыўшылары ҳәм майыплардың ҳәр бирине патронаж хызмети ҳәм зәрүр медициналық диагнозлар көрсетилмекте. Олар өз қәлеўине бола санаторийлерде емленбекте.
Әлбетте, биз бүгинги азат ҳәм еркин турмыс ушын әзиз жанын аямастан гүрескен бундай уллы инсанлар алдында бәрқулла қарыздармыз, олар ушын буннан былай да барлық шараятларды жаратып беремиз.
Ҳәзирги оғада қыйын ҳәм қәўипли заманда жасларымызды ўатансүйиўшилик руўхында тәрбиялаў, перзентлеримизди түрли зыянлы тәсирлерден қорғаў, бийбаҳа байлығымыз болған тынышлық ҳәм турақлылықты, миллетлер ҳәм динлераралық дослық және аўызбиршиликти қәстерлеп сақлаў сыяқлы оғада әҳмийетли ўазыйпаларды атқарыўда қаҳарман ветеранларымыздың мәртлиги, абырайлы дәстүрлери биз ушын ҳәмийше ибрат мектеби болып хызмет етеди. Биз олардан руўх ҳәм күш алып, Ўатан қорғаўшылары, тынышлық сақшылары, Жаңа Өзбекстан дөретиўшилери болыў сыяқлы уллы ўазыйпамызды әлбетте мақтаныш пенен орынлаймыз.
Әзиз ҳәм ҳүрметли ўатанласлар!
Сиз, әзизлерди бүгинги уллы байрам менен және бир мәрте қызғын қутлықлайман. Бәршеңизге беккем денсаўлық, бахыт ҳәм әўмет, шаңарақларыңызға қут-берекет тилеймен.
Елимиз тыныш, халқымыз бәрқулла аман болсын!
Шавкат МИРЗИЁЕВ,
Өзбекстан Республикасы Президенти