Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 8-май күни әмелий сапар менен Москва қаласына келди.

«Внуково» халықаралық аэропортында мәмлекетимиз басшысын Россия Федерациясы Ҳүкимети Баслығының орынбасары – санаат ҳәм саўда министри Денис Мантуров ҳәм басқа да рәсмий шахслар күтип алды.

Сапар бағдарламасына муўапық, Өзбекстан Президенти Жоқары Евроазия экономикалық кеңесиниң юбилей мәжилисинде ҳәм Екинши жер жүзилик урыстағы жеңистиң 79 жыллығына бағышланған салтанатлы илажларда қатнасады, сондай-ақ, еки тәреплеме ушырасыўлар өткереди.

ӨзА