“Аймақлық электр тармақлары” акционерлик жәмийети Қарақалпақстан аймақлық филиалында Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниӊ 2024-жыл 16-апрельдеги “Жанылғы-энергетика тараўында базар  механизмлерин енгизиўдиӊ қосымша илажлары ҳаққында”ғы қарары ҳәм Өзбекстан Республикасыныӊ  “Коррупцияға қарсы гүресиў ҳаққында”ғы нызамыныӊ орынланыўына бағышланған мәжилис болып өтти.

Илажда “Аймақлық электр тармақлары” акционерлик жәмийети Қарақалпақстан аймақлық филиалы директорыныӊ орынбасары Ембергенов, Өзбек4стан Республикасы Бас прокуратурасы жанындағы экономикалық жынаятларға қарсы гүресиў департаменти Қарақалпақстан Республикасы бойыншга басқармасы баслығы А.Юлдашев ҳәм басқа да сөзге шыққанлар, Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниӊ жоқарыда атап өтилген қарары тийкарында 2024-2025-жылларда жанылғы-энергетика ресурслары баҳаларыныӊ басқышпа-басқыш өзгериў кестеси ҳәм  усы жыл 1-майдан баслап халық ушын электр энергиясы ҳәм тәбийғый газдиӊ бир айлық тутыныўыныӊ “базалық нормалары” тастыйықланғанлығы атап өтилди. Соныӊ ушын филиал, қалалық ҳәм районлық электр тәмийнатыныӊ хызметкерлери қарар тийкарында жумыс алып барыўы, усы тарифлерге тийкарланып электр энергиясынан нызамсыз пайдаланыў жағдайларын анықлаў бойынша әмелге асырылатуғын илажларды күшейтиўи тийис. Буныӊ ушын биринши гезекте коррупцияға байланыслы ҳуқықбузарлықларды өз ўақтында анықлаў, оларға имканият бериўши себеплер менен шараятларды сапластырыў, бундай ҳуқықбузарлықларды ислегенлик ушын жуўапкершилик бар екенлиги принципин тәмийинлеў кереклиги айрықша атап өтилди.

Илаж қатнасыўшылары қарардыӊ орынланыўы бойынша өзлерин қызықтырған сораўларға жуўап алды.

Б.ТЕМИРХАНОВА,

“Аймақлық электр тармақлары” акционерлик жәмийети Қарақалпақстан аймақлық филиалы Коррупцияға қарсы гүресиў комплаенс қадағалаў бөлиминиӊ жетекши қәнигеси.

Қарақалпақстан хабар агентлиги