Елликқала районында 15-май-халықаралық шаӊарақ күни мүнәсибети менен “Жаӊа Өзбекстанныӊ ибратлы шаӊарағы” таӊлаўы өткерилди.

Район ҳәкимлиги, шаӊарақ ҳәм ҳаял-қызлар бөлими тәрепинен шөлкемлестирилген таӊлаўда ибратлы шаӊарақ ўәкиллериниӊ жәмийетлик белсендилиги, пуқаралар жыйынларында социаллық-руўхый орталықты қәлиплестириўге қосып атырған үлеси, абаданластырыў, кем тәмийинленген шаӊарақларды қоллап-қуўатлаўдағы ҳәрекети ҳәм басқа да тәреплери баҳаланды.

Райондағы 40 пуқаралар жыйынынан 6 шаӊарақ қатнасқан таӊлаўда Шарқ юлдузи  аўыл пуқаралар жыйынынан Пирназаровлардыӊ шаӊарағы биринши, Чўпон мәкан пуқаралар жыйынынан Мадримовлардыӊ шаӊараға екинши, Пахташы мәкан пуқаралар жыйынынан Юсуповлардыӊ шаӊарағы үшинши орынларды ийелеп, диплом ҳәм естелик саўғалары менен сыйлықланды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги