Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң Қазақстан Республикасына мәмлекетлик сапары алдында бул мәмлекеттиң жетекши редакциялары – жергиликли тилде шығатуғын «Egemen Qazaqstan» ҳәм рус тилинде басып шығарылатуғын «Казахстанская правда» газетларына берген интервьюи, күтилгениндей, тек ғана регионымызда емес, ал ҒМДА ҳәм басқа да сырт еллер жәмийетшилиги арасында да үлкен қызығыўшылық пенен қарсы алынды.

Бул сәўбет, соның ишинде, еки қоңсы мәмлекет экспертлери, қәнигелери тәрепинен кеңнен додаланып, талланбақта. Әпиўайы оқыўшы ушын да жүдә қызықлы, халықларымыз мәпи жолында ҳәр еки тәреп ушын оғада әҳмийетли болған мәселелер көтерилген бул мақала әтирапындағы пикирлер тоқтағаны жоқ.

Кешениң өзинде Қазақстанның «inbuziness», «zakon», «orda», «sputnik» сыяқлы ең ғалабалық басылымларында мине усы тема кеңнен додаланды.

Мәмлекетимиз басшысының тек ғана Өзбекстан ҳәм Қазақстан арасындағы қатнасықлардың ҳәзирги жағдайы ҳәм келешеги емес, ал пүткил регионда абадан келешекти тәмийинлеўге қаратылған басламалардың мазмун-мәниси сәўлеленген пикирлери, әсиресе, Россия Федерациясының баспасөзинде қызғын күтип алынды. Россияның ТАСС, «regnum», «rambler» сыяқлы дүньяға белгили мәлимлеме агентликлери, сондай-ақ, «aa.com.tr», «imag.one», «rossapprimavera», «finans» ҳәм басқа басылымларында Президентимиздиң пикирлеринен үзинди келтирилген ҳалда материаллар берилгени де сөзимиздиң дәлили. Мәселен, тек ғана РФ, пүткил жер шарының ең шығыс аймақларынан бири болып есапланған Камчатка ярым атаўында жумыс алып баратуғын бир сайта Өзбекстан Президентиниң Қазақстан басылымына берген интервьюи күнниң тийкарғы жаңалықларынан бир сыпатында талланған. «Красная весна» мәлимлеме агентлигине қараслы «rossapprimavera» сайтында болса эксперт Мәмлекетимиз басшысының Түркий мәмлекетлер шөлкеми ҳаққындағы пикирлерине итибар қаратады. Ямаса Түркияның Анадолу агентлиги рус тили версиясында Шавкат Мирзиёевтиң Аўғанстан менен нәтийжели сөйлесиў алып барыў мәселесине айрықша итибар қаратқаны талланған.

Төменде Өзбекстан Миллий мәлимлеме агентлиги – ӨзАның ең жақын сырт ел бирге ислесиўшилеринен бири – ТАСС сайтында Мәмлекетимиз басшысының Қазақстан орайлық басылымына берген интервьюине мүнәсибет түринде жәрияланған «В Узбекистане заявили, что домократические реформы в стране приобрели необратимый характер» атамалы мақала аўдармасы келтирилмекте.

Өзбекстанда демократиялық реформалар артқа қайтпас қәсийетке ийе екени тән алынбақта

Өзбекстан ҳүкимети мәмлекеттиң сиясий, экономикалық ҳәм социаллық турмыста әмелге асырылып атырған кең көлемли реформаларды даўам еттириў нийетинде. Бул ҳаққында республикамыз Президенти Шавкат Мирзиёев шемби күни «Казахстанская правда» газетасына берген интервьюинде атап өтилди.

«Президент лаўазымындағы жумысымның дәслепки күнлеринен-ақ биз өз алдымызға мәмлекетти модернищациялаў ҳәм елдиң раўажланыўы ушын қолайлы шараят жаратыў ўазыйпасын қойдық. Мине усы мақсетлерде 2017-2021-жыллар даўамында бес тийкарғы бағдарға тийкарланған Ҳәрекетлер стратегиясын әмелге асырдық. Ҳәзирги күнге келип кең көлемде, избе-излик пенен ҳәм системалы түрде алып барылған демократиялық реформалар артқа қайтпас қәсийетке ийе»,-деди мәмлекет басшысы.

Президенттиң атап өтиўинше, жақында ислеп шығылған Жаңа Өзбекстанды раўажландырыў стратегиясы алдынғы конвенцияның логикалық даўамы болып есапланады. «Бул стратегияда еркин пуқаралық жәмийетин және де раўажландырыўға тийкарланған, миллети, тили, динине қарамастан, мәмлекеттиң ҳәр бир пуқарасы нызамлы мәпи ҳәм абаданлығын тәмийинлейтуғын халықшыл мәмлекет қурыў, бир сөз бенен айтқанда, бизиң «Инсан қәдири ушын», деген баслы принципимизди толық турмысқа енгизиў тийкарғы орын ийелейди»,-деп атап өтеди Мирзиёев.

Сондай-ақ, мәмлекет басшысы буннан кейин де миллий экономиканы раўажландырыў тезлигиниң өсип барыўы, жеке меншик секторды хошаметлеў ҳәм оның мәмлекет экономикасындағы үлесин көбейтиў ҳәм тиккелей сырт ел инвестициясын тартыў есабынан халықтың жан басына жалпы ишки өним муғдары арттырылыўын атап өтти. «2030-жылға барып Өзбекстан халқының дәраматы жан басына есаплағанда орташа дәрежеден жоқары болған мәмлекетлер қатарына кириўи лазым»,-деп түсиндиреди мәмлекет жетекшиси.

Соның менен бирге,  Президент атап өтеди, «Өзбекстанда тынышлық ҳәм қәўипсизликти, нызам үстинлигин, әдил жәмийетлик сиясат әмелге асырылыўын тәмийинлеў, сондай-ақ, «Жаңа Өзбекстан – мәрипатлы жәмийет» концепциясы тийкарында руўхый-ағартыўшылық тараўындағы реформаларды күшейтиў ҳүкимет жумысының тийкарғы өлшеми болып қалабереди».

 

Ғайрат ХОННАЗАРОВ таярлады.

ӨзА