Өзбекстан илими аўыр жоғалтыўға ушырады. Өзбекстан Илимлер академиясының академиги, техника илимлериниң докторы, профессор Темуржан Носиров 2024-жыл 12-ноябрь күни 83 жасында қайтыс болды.

Т.Носиров 1941-жыл 25-июльда Ташкент ўәлаятының Зангиата районында туўылды. 1963-жылы Ташкент политехника институты (Ҳәзирги Ташкент мәмлекетлик техника университети)н инженер-электрик қәнигелиги бойынша тамамлады. Мийнет жолын усы жоқары оқыў орнында ассистент сыпатында баслады. Кейин ала институт аспирантурасында оқып, дәслеп кандидатлық, соң докторлық диссертациясын қорғады. 2000-жылы Өзбекстан Илимлер академиясының ағзасы етип сайланды.

Т.Носиров өзиниң 60 жыллық илимий-педагогикалық жумысы даўамында Ташкент мәмлекетлик техника университетиниң үлкен оқытыўшысы, доценти, кафедра баслығы, «Өзбекэнерго» акционерлик жәмийети жанындағы Энергетика орайының директоры, Илимлер академиясының Энергетика машқалалары институтында бас илимий хызметкер сыяқлы жуўапкершиликли лаўазымларда нәтийжели жумыс алып барып, ел-халқымызға шын кеўилден хызмет етти.

Белгили илимпаздың электр энергиясы системаларының нормал ҳәм авария жағдайындағы режимлерин комплексли анализлеў усылларын жаратыў ҳәм улыўмаластырыў бағдарындағы илимий изертлеў жумыслары мәмлекетимиз илимий жәмийетшилиги тәрепинен кеңнен тән алынған.

Т.Носировтың электр энергиясын ислеп шығарыў, узатыў ҳәм бөлистириў режимлерин нәтийжели басқарыў ушын интегралласқан моделлерди жаратыў, санаат кәрханаларында энергия жумсалыўын үйрениў ҳәм үнемлеўши технологияларды ислеп шығарыўда қолланыў менен байланыслы бир қатар илимий қолланбалары экономика тармақларына табыслы енгизилген.

Мийнеткеш илимпаздың 300 ден артық илимий мақалалары, 6 монографиясында мәмлекетимиздиң заманагөй энергетика системасындағы реформа ҳәм модернизация процесслери, тараўды раўажландырыў перспективалары ҳәр тәреплеме таллап берилген.

Т.Носиров көплеген жасларға илим сырларынан сабақ берди. Оның басшылығында 5 илим докторы ҳәм 10 нан артық илим кандидаты таярланды.

Белгили илимпаз, меҳрийбан устаз, кишипейил инсан Темуржан Носировтың естелиги кеўиллеримизде мәңги сақланып қалады.

Ш.Мирзиёев, Т.Норбоева, Н.Исмоилов,

А.Арипов, Қ.Аллаев