Қарақалпақстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлиги Мәлимлеме хызмети, ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери, медицина хызметкерлериниң қатнасыўында У.Халмуратов атындағы Республика көп тармақлы емлеў орайына медиа-тур шөлкемлестирилди.

Дәслеп ғалаба хабар қураллары ўәкиллери ушын баспасөз конференциясы өткерилип, онда емлеў орайы бас шыпакериниң орынбасары М.Хайтбаев орай тәрепинен 2024-жылда әмелге асырылған жумыслар ҳәм алдағы режелери ҳақкында мағлыўмат берилди.

Атап өтилгениндей, У.Халмуратов атындағы Республика көп тармақлы емлеў орайы тәрепинен денсаўлықты сақлаў системасындағы реформаларға тийкарланып әмелге асырылып жумысларды жеделлестириў, емлеў профилактикалық мәкемелериниң материаллық-техникалық базасын беккемлеў ҳәм мәмлекетлик бағдарламаларды орынлаў бойынша илажлар нәтийжели даўам еттирилмекте.

Бүгинги күни емлеў орайындағы емлеў бөлимлериниң саны 13 ке, косымша бөлимлер саны 19 ға, орынлар саны 375 ке жетти.

Орайда диагностикалық, емлеў ҳәм профилактикалық жумыслардыӊ көлеми кеӊейтилди, жаӊадан лабораториялық диагностикалык тексериў усыллары енгизилди.

Ташкент каласындағы Республика қәнигелестирилген илимий-әмелий медицина орайларының, атап айтқанда, травматология ҳәм ортопедия, нейрохирургия, урология, хирургия, ангионеврология, терапия ҳәм реабилитация, нефрология, гематология, аллергология орайларының 9 филиалы бар. Орайда Мәмлекетлик медициналық қамсызландырыў есабынан усы жылдың өзинде 298 наўқасқа жоқары технологиялық операциялар өткерилип, емленип шықты. Сондай-ақ, усы жылы 14 түрдеги жоқары технологиялық операциялар жолға қойылды.

– Орайдын раўажланыўы, оныӊ материаллық-техникалық базасыныӊ беккемлениўи ҳәм барлық бөлимлердиӊ заманагөй медициналық әсбап-үскенелер менен тәмийинлениўи, жоқары маманлықтағы илимий кадрларды таярлаў менен биргеликте әмелге асырылмақта,-дейди М.Хайтбаев.

Орай қәнигелери халықаралық илимий конференцияларда белсене қатнасып, сырт елллердиң жетекши клиникаларында билимин арттырып келмекте. 2023-жылы 10 қәниге Россия, Қытай ҳәм Белорусь мәмлекетлеринде, 2024-жылы 9 қәниге Финлияндия, Россия, Түркия еллеринде билимин арттырды. Орай менен Германия мәмлекетиниң «SES» жойбары арасында меморандумға қол қойылған болып, ҳәр жылы Германиядан жетекши қәнигелер келип, Орай қәнигелери менен биргеликте наўқасларды тексериўден өткерди ҳәм қурамалы операцияларды әмелге асырды. Усы күнге шекем Германиядан хирург, қан-тамыр хирурги, нейрохирург, невролог, эндоскопист, радиолог ҳәм реаниматолог-анестезиолог шыпакерлер келди.

Орай шыпакерлери Ташкент қаласының жетекши қәнигелери менен биргеликте тығыз байланыста жумыс алып бармақта. Телемедицинаныӊ раўажланыўы да медицинаныӊ жаӊадан қолға киргизген жетискенликлериниӊ бири болып есапланады.

Медиа-тур даўамында қатнасыўшылар емлеў орайындағы жаратылған шараятлар менен танысып, өзлерин қызықтырған сораўларға жуўап алды.

Ә.Жийемуратов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги