Әмиўдәрья районында Жаңа жыл байрамы мүнәсибети менен байрам илажы болып өтти. Илажда Қарақалпақстан Республикасы қурылыс министри Қ.Айтбаев, Социаллық қорғаў миллий агентлиги басқармасы сыңар кәрханасы баслығы Н.Ғаниевлар қатнасты. Байрам илажында район ҳәкиминиң орынбасры Ф.Юсупов сөзге шығып, жыйналғанларды байрам менен қутлықлады. Балаларға Президент саўғалары ҳәм қәўендерлер тәрепинен таярланған саўғалар тапсырылды. Жаңа жыл қуўанышларына толы кешеде кишкене балалардың атқарыўындағы қосық ҳәм аяқ ойынлар байрамға көтериңки кейпият бағышлады.

Қарақалпақстан хабар агентлиги