Балалар ҳәм саратан. Бул сөзлерди қатар қойып, аўыр кеселликтен қыйналып киятырған балалардың жағдайын көз алдымызға келтириўдиң өзи жүдә аўыр. Республика онкология ҳәм радиология илимий әмелий орайының Балалар бөлиминде кишкене наўқас балалар әйне пайытта усы дәрт пенен гүреспекте.
Жаңа жыл байрамы мүнәсибети менен наўқас балаларға қуўаныш ҳәм меҳир бағышлаў ҳәм усы арқалы олардың тезирек саўалыўы ушын руўхый жәрдем бериў мақсетинде Өзбекстан «Адолат» СДП Қарақалпақстан Республикасы Кеңеси тәрепинен кирип киятырған жаңа 2025-жыл мүнәсибети менен Республикалық қәнигелестирилген онкология ҳәм радиология илимий-әмелий орайы Қарақалпақстан филиалында емленип атырған наўқас балалар ҳәм олардың ата-аналары ушын партияның «Жаңа мақсетлер жолында бирлесемиз» жойбары шеңберинде «Көшпели шырша» атамасында жаңа жыл байрамы шөлкемлестирилди.
Онда партияның Қарақалпақстан Республикасы ҳәм Нөкис қалалық Кеңеси ағзалары, сондай-ақ, мәденият хызметкерлери қатнасып, балаларға байрам саўғалары тапсырылды.
Кишкенелердиң кеўилин көтериў ҳәм оларда жаңа жыл кейпиятын оятыў мақсетинде жас қосықшылар, Аяз ата ҳәм Қар қыздың байрам саўғалары балаларға байрам қуўанышларын бағышлады.
Өткерилген илаж балаларда ертеңги күнге болған исенимин арттырыўға, саламатлығын және де беккемлеўге, жаңа жылда жаңа мақсетлерге қарай умтылыўға түртки болды.
– Узақ ўақыттан берли емленип киятырған наўқас балалар ушын жаңа жыл байрамы есте қаларлықтай дәрежеде көтериңки руўхта өткерилди,-дейди «Адолат» СДП Қарақалпақстан Республикасы Кеңеси баслығының орынбасары Р.Отарбаев. –Партиямыз тәрепинен шөлкемлестирилген қайырқомлық акциясы тек ғана балалар емес, ал олардың ата-аналары, жақынларының қәлбине байрам кейпиятын алып кирди, десек асыра айтқан болмаймыз.
Байрамда балалар ойынға түсип, қосықлар айтып, саўғалар алып қуўанышлы демлерге бөленди.
Амангүл Есемуратова, Өзбекстан «Адолат» СДП Қарақалпақстан Республикасы Кеңеси баспасөз хаткери.