Гезектеги профилактикалық илаж өткерилди

Ҳәр пийшемби күни бажыхана уйымларында өткерилиўи дәстүрге айланған ҳүқықбузарлықларға қарсы профилактикалық илажлар даўам еттирилмекте.
Коррупция иллетине қарсы гүресиў бүгинниң әҳмийетли мәселелериниң бири болғанлықтан, мәмлекетимиз шегаралары арқалы ҳәрекетленип атырған пуқаралар ҳәм шегарада хызмет етип атырған бажыханашылар арасында коррупцияға қарсы гүресиў бойынша профилактикалық илажлар системалы түрде алып барылмақта.
Бажыхана уйымлары тәрепинен өткерилген гезектеги илаж “Хожели” шегара бажыхана постында болып өтти.
Пост арқалы ҳәрекетленип атырған пуқараларға республикамызда коррупцияға қарсы гүресиўдиң ҳуқықый механизми жаратылғанлығы атап өтилип, олар ҳаққында мағлыўматлар берилди. 2017-жыл 3-январьда Өзбекстан Республикасының “Коррупцияға қарсы гүресиў ҳаққында”ғы Нызамы ҳәм оған сәйкес түрде бир қатар нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлер қабыл етилип, коррупцияның алдын алыў ҳәм сапластырыў бойынша илажлар белгиленген.

Пуқараларға коррупциялық жынаятларға қол урыўдың ақыбетлери ҳәм исеним телефон номерлери көрсетилген буклетлер тарқатылып, пуқаралар бажыхана хызметкериниң нызамға қарсы ҳәрекети, ямаса ҳәрекетсизлиги, соның менен бирге, дәмегөйлик, лаўазымынан шетке шығыў сыяқлы жағдайларға гүўа болса, бажыхана комитетиниң 11-08 ҳәм Қарақалпақстан Республикасы бажыхана басқармасының (+99) 861 224-90-86 исеним телефон номерлерине қоңыраў етип, хабар бериўи мүмкинлиги билдирилди.
Қарақалпақстан хабар агентлиги