Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2023-жыл  25-декабрьдеги «2024-2026-жылларда Өзбекстан Республикасының социаллық ҳәм өндирислик инфраструктурасын раўажландырыў илажлары ҳаққында»ғы қарары тийкарында, республикамызда көплеген социаллық объектлердиң қурылыс жумыслары әмелге асырылып, бүгинги күни халық ийгилиги ушын хызмет етпекте.

Усындай объектлердиң бири сыпатында Тахтакөпир районының ең шетки алыс аймақларынан бири есапланған Дәўқара елатында жайласқан 8-санлы мектепке шекемги билимлендириў шөлкеми болып табылады.  Буннан 38 жыл бурын қурылған балалар бақшасы жыйын аймағындағы бирден-бир мектепке шекемги билимлендириў шөлкеми болып,  усы өткен жыллар ишинде бул дәргайда неше мыңлаған аўыл балалары тәлим-тәрбия алды.

-Президентимиздиң қарары тийкарында «Амударё хизмат кўрсатиш маркази» жәмийетиниң қурылысшылары тәрепинен март айында қурылыс жумыслары басланып, мине, бүгин жаңа жыл байрамы алдында аўыл халқына пайдаланыўға тапсырылмақта,-дейди Тахтакөпир районлық Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи бөлимине қараслы арнаўлы оңлаў, эксплутация хызмети баслығы Тилепбай Қәллибеков.

Имараттың ашылыў мәресиминде район ҳәкими Жамбул Адилов аўыл турғынларын кирип киятырған Жаңа жыл байрамы ҳәм балалар бақшасының пайдаланыўға тапсырылыўы менен қутлықлап, Президентимиздиң басшылығында соңғы жыллары елимизде билимлендириўди раўажландырыўға, әсиресе, мектепке шекемги билимлендириў тараўына қаратылып атырған итибар, жаратылған имканиятлар ҳәм шараятларға тоқтап өтти.

Буннан соң имарат алдына тартылған дәстүрий лента кесилип, илаж қатнасыўшылары тәрбияланыўшыларға жаратылған шараятлар менен жақыннан танысты ҳәм қурылысшыларға өз миннетдаршылығын билдирди.

 

Адилбай Оразов, Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы.