Ҳәптесине тек ғана төрт дана алма жеў жүрек-қан тамыр кеселликлери ақыбетинде өлим итималын 40 процентке шекем азайтады екен, Қытайдың Янцзи емлеўханасы изертлеўшилери усындай жуўмаққа келди. Изертлеў нәтийжелери Frontiers in Nutrition журналында жәрияланды.
Узақ жылыларды қамтып алған тәжирийбе-сынақта холестерин дәрежеси жоқары 2 184 орта жастағы инсан қатнасты. Илимпазлар олардың қалай аўқатланатуғынын үйренди, әсиресе, мийўелерди жеўге айрықша итибар қаратты, кейинги даўамлы бақлаўларда барлық өлим жағдайлары белгилеп барылды.
Нәтийжелерге бола, ҳәптесине үш-төртеўден алма жегенлерде улыўма өлим қәўипи бул мийўени жемегенлерге қарағанда 39 процент аз болған. Сондай-ақ, банан да саламатлық ушын оғада пайдалы екени – бул тропикалық мийўени турақлы жейтуғынларда ерте өлим қәўипи дерлик 30 процентке азайған.
Күна ара (ҳәптесине үш-төрт дана) алма жеў жүрек-қан тамыр кеселликлери ақыбетинде өлим қәўипин 40 процентке азайтқан. Илимпазлар жүректи беккемлеў ушын мийўелерди турақлы жеў керек, демекте.
Қарақалпақстан хабар агентлиги