Экология, қоршаған орталықты қорғаў ҳәм климат өзгериўи министри Азиз Абдуҳакимов БАӘ Халықаралық биошорланған аўыл хожалығы  орайының (ICBA) бас директоры доктор Тарифа Ал Зааби менен ушырасыў  өткерди.

Ушырасыўда Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев тәрепинен климат конференциясында аўыл хожалығы егинлериниң  климат өзгериўине шыдамлылығын арттырыў ушын жетекши структуралардың қатнасыўында  Регионаллық генетикалық ресурслар банкин шөлкемлестириў бойынша алға қойылған баслама додаланды.

ICBA басламаны қоллап-қуўатлаўға ҳәм оны әмелге асырыўда белсене қатнасыўға  таяр екенлигин билдирди. Министр болса бул структура Орайлық Азия регионында санаат кооперациясы, сондай-ақ, илимий-техникалық алмасыў ушын әҳмийетли платформаға айланыўы мүмкин екенлигин атап өтти.

Ушырасыўда Нөкис, Мойнақ ҳәм Шымбай фермерлериниң әззилигин азайтыў ҳәм олардың жер деградациясына байланыслы экономикалық шығынлардың алдын алыўға бейимлесиўшең потенциалын арттырыўға қаратылған  «Қарақалпақстанның деградацияға ушыраған аймақларында турақлы аўыл хожалығы өндирислик системасын раўажландырыў» жойбары додаланды. Бул жойбар Арал теңизи апатшылығының ақыбетлерин жумсартыў ҳәм регионда  турақлы аўыл хожалығын раўажландырыўға қаратылған қәдем екени атап өтилди.

Ушырасыў жуўмағында 2025-жылы Өзбекстан ҳәм ICBA арасындағы өз-ара бирге ислесиўди күшейтиў, атап айтқанда, «Қоршаған орталықты қорғаў ҳәм «жасыл» экономика жылын»да биргеликтеги илимий жойбарларды шөлкемлестириў ҳәм өз-ара  пайдалы нәтийжелерге ерисиў ушын турақлы мәсләҳәтлесиўлер өткериў бойынша келисимге ерисилди.

Муҳайё Тошқораева, ӨзА