Соңғы жыллары Президентимиздиң басшылығында елимизде исбилерменликти раўажландырыў ҳәм сол арқалы өндиристи кеңейтиўге айрықша итибар қаратылып, бул бойынша көплеген унамлы жумыслар әмелге асырылмақта.
Қырантаў аўыл пуқаралар жыйыны орайынан иске түсирилген “ONTEX” жуўапкершилиги шекленген жәмийети де усындай өндирис кәрханаларының бири болып табылады.
Бүгинги күни 60 ҳаял-қыз жумыс ислеп атырған бул жәмийетте кишкене балалар ҳәм жас өспиримлердиң кийимлер тигилип, өз қарыйдарларына жеткерип берилмекте.
-“Иффатли келин”де оқып үйде жумыссыз отырған едим,-дейди кәрхана тигиўшилериниң бири Мапруза Тилеўмуратова.-Сентябрь айынан баслап усы кәрханада жумыс басладым. Ислеп атырған жумысым ҳәм онда жаратылған шараят өзиме унайды. Атап айтқанда, кәрханамыз басшылары бизди арнаўлы жумыс кийими, заманагөй тигиў машиналары ҳәм түски аўқат пенен тәмийинлеп қойыпты. Тигиў ҳәм пишиў жумысларын Кегейлидеги текстиль кәрханасынан арнаўлы қәнигелер келип үйретип кетти. Оларға да рахмет айтаман. Себеби, бурын бундай үлкен буйыртпаларды ислеп көрмегенликтен баста бираз албырадық. Ал, ҳәзир болса, емин-еркин ислеп атырмыз.
Ҳақыйқатында да, кәрханада болар екенбиз, ондағы ҳаял-қызлардың шәпиклик пенен қызғын жумыс ислеп атырғанлығының гүўасы боламыз. Биреўлери таўарларды пишип атырса, биреўлери пишилген таўарларды тигип, айырымлары таяр өнимлерге утюг басып, оларды тәртиплестирип атыр.
Алдағы ўақытлары жәмийет ағзалары өзлериниң таярлаған өнимлерин елимизден тысқары, басқа сырт еллерге экспорт етиўди мақсет етпекте.
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы