Түркий мәмлекетлер шөлкеми шеңберинде дүзилген Түрк академиясы түркий халықлар арасындағы илим ҳәм билимлендириў тараўында бирге ислесиўди шөлкемлестириўши ҳәм қоллап-қуўатлайтуғын халықаралық шөлкем. Түрк академиясы тәрепинен өткен жылы түркий тиллердиң терминологиясын қәлиплестириў бойынша жойбар жумыслары басланған еди.

Қарақалпақ тили бойынша сөзликти дүзиўге Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң профессоры, филология илимлериниң докторы Ш.Абдиназимов ҳәм филология илимлери бойынша философия докторы Х.Толыбаевлар қатнасты.

Жойбар жумысының нәтийжеси сыпатында “Түркий тиллердиң тил билими сөзлиги”, “Түркий тиллердиң әскерий терминлери сөзлиги”, “Түркий тиллердиң экономикалық терминлери сөзлиги” атамасында үш китап Қазақстанның пайтахты Астана қаласында жәрияланды.

Сөзликти дүзиўге әзербайжан, башқурт, қазақ, қырғыз, өзбек, татар, түркмен, түрк тиллери бойынша илимпазлар қатнасқан.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги