Елликқала районында бийтәкирар ҳаўаз ийеси, Өзбекстан, Қарақалпақстан, Түркменстан ҳәм Татарстан халық артисти Атажан Худайшукуровтың 80 жыллық юбилейине арналған «Устазға ҳүрмет» атамасындағы салтанатлы мәдений илаж болып өтти.
Оған Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев қатнасты ҳәм атақлы қосықшының елимиздиң көркем өнерин раўажландырыўға қосқан салмақлы үлесин мақтаныш пенен атап өтип, бүгинги күни оның атын мәңгилестириў бойынша көплеген ийгиликли ислер әмелге асырылып атырғанына тоқтап өтти. Ҳақыйқатында да, елимизде бул хошҳаўаз қосықшының қалдырған өлмес мийрасларын мәңгилестириў ҳәм оларды жаслар арасында кеңнен ен жайдырыўға үлкен итибар қаратылып келинбекте. Атажан Худайшукуровтың 80 жыллық юбилейин көтериңки руўхта белгилеў бойынша Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң арнаўлы протоколы шығарылып, усы ҳүжжет тийкарында кең көлемли мәдений илажлар әмелге асырылды.
«Устазға ҳүрмет» атамасындағы салтанатлы мәдений илажда да республикамызға белгили қосықшылар ҳәм жас талант ийелери тәрепинен сүйикли қосықшымыз тәрепинен атқарылған қосықлар инам етилип, олар тамашагөйлердиң кеўиллерине көтериңки кейпият бағышлады.
Қарақалпақстан хабар агентлиги