Корея Республикасының Өзбекстан Республикасындағы айрықша ҳәм толық ҳуқықлы елшиси Вон До Ён Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтына келди.

Институт ректоры ўазыйпасын атқарыўшы Қуўандық Қадиров пенен болып өткен ушырасыўда Өзбектсан -Корея Республикасы арасындағы саўда-экономикалық, мәдений-гуманитарлық тараўлар менен бирге билимлендириў тараўындағы бирге ислесиўдиң нәтийжели даўам етип атырғанлығы атап өтилди. Сондай-ақ, институтта илимий-педагогикалық бағдарда халықаралық бирге ислесиў бойынша әмелге асырылып атырған жумыслар ҳаққында мағлыўмат берилди.

Елши жоқары дәрежеде ҳәм қызғын қабыллаў ушын миннетдаршылық билдирип, мәмлекетимиз бойлап кең түрде белгиленип атырған Әжинияз Қосыбай улының 200 жыллығы ҳәм институттың 90 жыллығы менен қутлықлады. Мәмлекетлеримиз арасында соңғы жылларда экономикалық тараўлар менен биргеликте билимлендириў тараўына инвестициялар киргизиў бойынша унамлы ислер әмелге асырылып атырғанлығын айрықша атап өтти.

Сөйлесиў даўамында Корея Республикасының алдыңғы жоқары билимлендириў мәкемелери менен еки тәреплеме бирге ислесиўди жолға қойыў, институт профессор –оқытыўшылары ҳәм студентлериниң стажировкалар ҳәм оқыў бағдарламалары шеңберинде грант жойбарларында қатнасыўына жәрдемлесиў, институтта жумыс алып барып атырған «Корея мүйеши» жумысларын және де жетилистириў мәселелери додаланып, алдағы бирге ислесиўде әмелге асырылатуғын жумыслар белгилеп алынды.

Буннан соң делегация ағзалары Қарақалпақстанда корейс тилин үйретиў бойынша тийкарғы орай сыпатында жумыс алып барып атырған институттағы «Корея мүйеши» не келип, түрли атамадағы оқыў әдебиятлары ҳәм керекли буйымларды тапсырды. Елши мырза орайдың жумысына жоқары баҳа берип, бул жерде хызмет етип атырған жуўапкерлерге миннетдаршылық билдирди. Делегация ағзалары институттың жаңа оқыў имаратында жаратылған шараятлар менен танысып, унамлы пикирлерин билдирди.

Жоқары билимлендириў орны дуўтаршылар ансамбли атқарыўындағы миллий қосық ҳәм намалар миймаларда үлкен қызығыўшылық оятты.

                                                                                                             Д. Абибуллаев

                                                                         Қарақалпақстан хабар агентлиги