Усы жыл 13-ноябрьде Қарақалпақстан Республикасы Исбилерменлер Кеңесиниң гезектеги ушырасыўы өткерилди.

Онда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы А.Орынбаев, Өзбекстан Республикасы Бас министри орынбасары Ж.Ходжаев, Министрлер Кеңесиниң Баслығы Ф.Эрманов қатнасты.

Ушырасыўда соңғы жыллары елимизде исбилерменликти раўажландырыў бойынша әмелге асырылып атырған илажлар, бул бағдарда қысқа ўақыт ишинде тек ғана Қарақалпақстан ушын қабыл етилген пәрман ҳәм қарарлар тийкарында бизнес орталығын жақсылаў, инвестиция тартымлылығын арттырыў бойынша бурын болмаған өзгерислер жүз берип атырғанлығы айрықша атап өтилди.

Сондай-ақ, исбилерменлик жумысын алып барыў ҳәм раўажландырыўдағы еле де шешимин күтип турған мәселелер, системалы машқалалар ҳаққында өз-ара пикир алысты. Өз гезегинде, исбилерменлер тәрепинен бир қатар әҳмийетли мәселелер көтерилди ҳәм ҳәр бир машқала, әлбетте, өз шешимин табатуғынлығы атап өтилди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги