Соңғы жыллары елимиз социаллық-экономикалық турмысының барлық тараўлары сыяқлы, денсаўлықты сақлаў системасын түптен реформалаў, емлеў-профиликатика мәкемелериниң материаллық-техникалық базасын жаңалаў ҳәм беккемлеўге үлкен итибар қаратылып келинбекте. Мәмлекетимиз Президентиниң тараўға қаратқан айрықша итибары нәтийжесинде, аймақларда түпкиликли өзгерислер жүз берди.

Соның ишинде, тараўға ажыратылып атырған қаржылардың бир неше мәрте көбейгенлиги, жеке сектордың раўажланыўына кеңнен жол ашылып, хызметлер тармағы кеңейип, саламат бәсеки орталығы қәлиплеспекте. Диагностика ҳәм емлеў әмелиятына заманагөй технологиялар жедел енгизилмекте.

Елликқала районында жаңадан қурып питкерилген районлық Туўыў комплекси де усындай ийгиликли ислердиң айқын көриниси десек ҳасла алжаспаған боламыз.

11,3 млрд. сум қаржы есабынан қурылған бул Туўыў комплекси бүгинги күн талапларына толық жуўап беретуғын медициналық мәкеме болып, бул орында туўыў жасындағы 90 ҳаял ҳәм олардың балалары ушын барлық қолайлы шараятлар жаратылған.

Комплекстиң ашылыў мәресимине Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев қатнасты ҳәм елимизде Президентимиздиң айрықша  итибары ҳәм ғамқорлығы нәтийжесинде, социаллық ҳәм инфраструктура объектлеринде оғада көлемли қурылыс-оңлаў жумыслары әмелге асырылып атырғаны, бул бағдарда медицина тараўына соның ишинде, елимизде аналықты ҳәм балалықты қорғаў бағдарында жумыс алып барып атырған медицина мәкемелериниң нәтийжелилигин арттырыўға айрықша итибар қаратылып атырғанын атап өтти.

Комплекс хызметкерлерин жаңа имараттың тапсырылыўы менен қутлықлап, онда емлениўшилер ушын жаратылған шараятлар менен жақыннан танысты.

Қарақалпақстан хабар агентлиги