Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2021-жыл 9-августтағы «Жетим балалар ҳәм ата-ана қарамағынан айырылған балаларды мәмлекет тәрепинен қоллап-қуўатлаўдың жаңа системасын ен жайдырыў илажлары ҳаққында» ғы қарарына тийкарланып, бағыўшысын жоғалтқан жасларымызды социаллық жақтан қорғаў оларды турақ жай менен тәмийинлеў мәселесине айрықша итибар қаратылмақта.
Әлбетте, халқымызға тән болған мүриўбетлилик, ғамқорлыққа мүтәж инсанларға жәрдем көрсетиўге қаратылған бул баслама, бүгин ҳәр бир аймақта өзиниң әмелий көринисин таппақта.
Қараөзек районындағы Қуралпа аўыл пуқаралар жыйынында жасаўшы Гулдана Алпысбаева ҳәм Ата мәкан мәкан пуқаралар жыйынында жасаўшы Жадыра Абдихаликова усындай ғамқорлыққа мүтәж болған жасларымыздан болып, оларға турақ жайға мүтәж еди.
Район басшылары олардың бул зәрүрликлерин инабатқа алып, оларға аймақтағы көп қабатлы турақ жайлардан барлық қолайлықларға ийе еки ханалы турақ жай берди.
Имаратларды тапсырыў мәресиминде район ҳәкими Анвар Баймуратов қатнасып, турақ жай ийелеринеөзиниң ең жақсы тилеклерин билдирди ҳәм ондағы шараятлары менен танысты.
Жасларымыз ҳәм олардың туўған-туўысқанлары Президентимиздиң жасларға жаратып атырған имканиятларына кеўиллери толып, өз миннетдаршылықларын билдирди.
-Бизлердей жасларды қоллап-қуўатлағаны ушын Президентимизге өзимниң терең миннетдаршылығымды билдиремен, -дейди жаңа турақ жай ийеси Жадыра Абдихаликова.-Таза жай менен бирге маған жаңа тигиў машинасы саўға етилди. Буның ушын районымыз басшыларына рахмет айтаман. Бүгин өзимниң қуўанышымды қалай жеткериўди билмей атырман. Қулласы, оғада қуўанышлыман.
Ҳақыйқатында да, елимизде жүргизилип атырған бундай социаллық сиясат нәтийжесинде, Гүлбану ҳәм Жадыра усаған көплеген жаслар үй-жайға ийе болмақта. Олардың кеўил қуўанышларын сөз бенен айтып жеткериў қыйын.
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы