Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 12-13-ноябрь күнлери Әзербайжан Республикасы Президенти Илҳам Әлиевтиң мирәт етиўине бола БМШтың Климат өзгериўи бойынша рамкалы конвенциясы Тәреплери конференциясының 29-сессиясы (СОР29) илажларында қатнасыў ушын Баку қаласында болды.

13-ноябрь күни СОР29 саммити шеңберинде Өзбекстан, Қазақстан ҳәм Әзербайжан арасында «жасыл» энергияны раўажландырыў ҳәм узатыў тараўында стратегиялық шериклик ҳаққындағы келисимге қол қойыў мәресими болып өтти.

Илажда шығып сөйлеген Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев қайта тиклениўши энергия экономикалық мақсет емес, ал келешекке қосылып атырған үлес, келешек әўладлар алдындағы жуўапкершилик сезиминиң нәтийжеси екенлигин атап өтти.

Жойбардың экологиялық әҳмийети айрықша атап өтилди. Узатылатуғын энергия – бул самал ҳәм қуяш энергиясы болып, қайта тикленетуғын ҳәм таза дәрек есапланады ҳәм климатқа тәсирин жумсартыў имканиятын береди.

Сол арқалы тәреплер Париж келисими ҳәм Турақлы раўажланыў мақсетлери шеңберинде климатты қорғаў бойынша биргеликтеги ис-ҳәрекетлерди қоллап-қуўатламақта.

Мәмлекетлеримиз қайта тиклениўши энергияның үлкен резервине ийе болып, глобал энергетикалық өзгерислерге салмақлы үлес қосыўы мүмкин екенин атап өтти.

Усы мүнәсибет пенен мәмлекетимиз басшысы усы бағдарда әмелге асырылып атырған кең көлемли жумыслардың әҳмийетли тәреплерине айрықша тоқтап өтти.

«Жасыл» энергетиканы жедел раўажландырыў бойынша үлкен бағдарлама қабыл етилген. Мәмлекетимизде ҳәр жылы 2 гигаваттқа шамалас қуяш ҳәм самал электр станциялары иске қосылмақта.

Буннан тысқары, быйылғы жылдың жуўмағына шекем тармаққа қосымша 2,6 гигаватт қайта тиклениўши энергия ислеп шығарыў қуўатлықлары ҳәм 300 мегаваттлы энергия сақлаў системалары жалғанады.

2030-жылға келип қайта тиклениўши энергия дәреклери үлесин 40 процентке жеткериў, сондай-ақ, 4,2 гигаваттлы энергия сақлаў системаларын жаратыў режелестирилген.

Иске қосылып атырған жойбардың экономикалық нәтийжесин барлық қатнасыўшылар сезиниўине исеним билдирилди.

Он мыңлаған жаңа жумыс орынлары жаратылды, энергетика инфраструктурасы раўажланады, технологиялық ҳәм исбилерменлик байланыслары кеңейеди. Ең әҳмийетлиси, халықтың турмыс дәрежеси артады.

Жойбарды әмелге асырыўды жеделлестириў, атап айтқанда, биргеликтеги кәрхана шөлкемлестириў, техникалық ҳүжжетлерди ислеп шығыў ҳәм келисиў ҳәм басқа тәртип-қағыйдаларды әмелге асырыў әҳмийетли екени атап өтилди.

Жуўмағында Президентимиз Өзбекстанның усы регионаллық жойбарды биргеликте әмелге асырыўға умтылысы исенимли екенин тастыйықлады.

Сапар шеңберинде Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев Әзербайжан Республикасы Президенти Илҳам Әлиев пенен ушырасыў өткерди.

Сөйлесиў алдынан мәмлекетимиз басшысы Әзербайжан жетекшиси БМШтың Климат бойынша саммити (COP29) табыслы шөлкемлестирилгени менен қызғын қутлықлады.

Усы жылы август айында жоқары дәрежеде ерисилген келисимлер шеңберинде Өзбекстан – Әзербайжан дослық ҳәм аўқамласлық байланысларын және де кеңейтиўдиң әҳмийетли мәселелери көрип шығылды.

Еки мәмлекет арасындағы көп тәреплемели қатнасықларды жедел раўажландырыў жылында бирге ислесиў жоқары дәрежеге жеткени қанаатланыўшылық пенен атап өтилди.

Товар алмасыў көлеми артпақта, автомобиль санааты, тоқымашылық, электротехника, аўыл хожалығы, қурылыс ҳәм қала қурылысы ҳәм басқа бағдарларда кооперация жойбарлары табыслы әмелге асырылмақта.

Жойбарлар портфелин, соның ишинде Биргеликтеги инвестиция компаниясы қаржыларын кеңнен тартқан ҳалда және де кеңейтиў әҳмийетли екенлиги атап өтилди.

Аўғанстанның экономикалық раўажланыўына жәрдемлесиўге қаратылған әмелий бирге ислесиўди кеңейтиў мәселелери де додаланды.

Жедел мәдений-гуманитарлық ҳәм аймақлараралық алмасыўды даўам еттириў, сондай-ақ, 2025-жылы дипломатиялық қатнасықлар орнатылғанының 30 жыллығын белгилеў шеңберинде кең көлемли илажлар бағдарламасын таярлаўға айрықша итибар қаратылды.

Ушырасыў шеңберинде Хонканди қаласында биргеликтеги тигиўшилик фабрикасын иске қосыў мәресими де болып өтти.

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң Чехия Республикасы Бас министри Петр Фиала менен ушырасыўда Өзбекстан – Чехия қатнасықларын және де раўажландырыў ҳәм әҳмийетли бағдарларда әмелий бирге ислесиўди кеңейтиўдиң әҳмийетли мәселелери додаланды.

Чехия дәстүрий түрде мәмлекетимиздиң Европадағы әҳмийетли бирге ислесиўшиси болып есапланады. Кейинги жыллары өз-ара товар алмасыў көлеми 2 есеге, биргеликтеги кәрханалар ҳәм жойбарлар саны 3 есеге көбейди.

Ҳүкиметлераралық комиссия жумысын жеделлестириў, товар алмасыўды көбейтиў бойынша «жол картасы» ҳәм анық жойбарлардан ибарат санаат кооперациясы бағдарламасын ислеп шығыў зәрүр екенлиги атап өтилди.

Мәдений-гуманитарлық алмасыўды кеңейтиўге айрықща итибар қаратылды.

Мәмлекетимиз басшысы Греция Бас министри Кириакос Мицотакис пенен ушырасыўда еки тәреплеме бирге ислесиўди беккемлеў ҳәм әмелий байланысларды раўажландырыў мәселелери, әсиресе, сиясий ҳәм саўда-экономикалық тараўлардағы қатнасықлар додаланды.

Товар алмасыў көлемин көбейтиў илажларын ислеп шығыў, фармацевтика, электротехника, аўыл хожалығы ҳәм басқа да тараўларда кооперациялық жойбарларды қәлиплестириў зәрүр екенлиги атап өтилди.

Сондай-ақ, мәдений-гуманитарлық ҳәм туристлик бағдарлардағы алмасыўларды раўажландырыўға айрықша итибар қаратылды.

Келеси жылы сиясий мәсләҳәтлесиўлердиң гезектеги орталығын Афинада ҳәм Экономикалық бирге ислесиў бойынша ҳүкиметлераралық комиссия мәжилисин Ташкентте өткериўге келисип алынды.

Сондай-ақ, халықаралық ҳәм регионаллық әҳмийетке ийе әҳмийетли мәселелер бойынша пикир алысты.

Президентимиздиң Глобал экологиялық фонд (ГЭФ) бас директоры ҳәм баслығы Карлос Родригес пенен ушырасыўында қор менен Өзбекстанда климат турақлылығы ҳәм экоситемаларды қорғаў бағдарындағы әмелий бирге ислесиўди кеңейтиўдиң әҳмийетли мәселелери додаланды.

ГЭФтиң мәмлекетимизде биологиялықлық көп түрлиликти қәстерлеп-сақлаў, тәбийғый ресурсларды басқарыў, климат өзгериўине бейимлесиў жойбарларын әмелге асырыўдағы әҳмийетли үлеси қанаатланыўшылық пенен атап өтилди. Биргеликтеги жойбарлар портфели 100 миллион доллардан артқан.

Ҳаўаның сапасын мониторинг етиў бойынша регионаллық тармақ жаратыў, көклемзарластырыў ҳәм экотуризмди раўажландырыў бағдарламаларын әмелге асырыў, жоқ болып баратырған ҳайўан түрлерин сақлаў, сондай-ақ, Аралбойы аймағын қайта тиклеў мәселелерине айрықша итибар қаратылды.

Келеси жылы Өзбекстанда ири халықаралық илажлар, атап айтқанда, Глобал экологиялық фонд донорлары мәжилисин өткериў бойынша да пикир алысылды.

Соннан соң мәмлекетимиз басшысы Баку қаласында өтип атырған БМШтың Пүткил жүр жүзилик климат саммитинде (СОР29) шөлкемлестирилген Өзбекстан Миллий павильоны менен танысты.

Президентимизге павильонның идеясы ҳәм онда өткерилиўи режелестирилген илажлар ҳаққында толық мағлыўмат берилди.

Павильон Өзбекстанның сийрек ушырасатуғын мәдений мийрасы ҳәм экологиялық ҳәм климат мәселелерине турақлы көзқарасларды сәўлелендириўге мөлшерленген. Оның «Ишки турақлылық» деп аталған архитектуралық концепциясы инсанның тәбият пенен үйлесимлигин ҳәм шаңарақлық қәдириятларды сәўлелендириўши дәстүрий өзбек ҳәўлисине тийкарланған.

Сабан сыбаў ҳәм ағаш сыяқлы экологиялық, дәстүрий материаллардан пайдаланып, әзелден өзбек шаңарағының ажыралмас бөлеги болған әйўан ҳәм сыпадан илҳамланып қурылған павильон үйлесимли мәканды мәкан пайда етеди. Биргеликте усы нормалық шешимлер қолайлы микроклиматты тәмийинлейди, қолайлы орталық жаратады ҳәм турақлы келешек ҳаққында ғамқорлықты сәўлелендиреди.

Саммит күнлеринде бул жерде Аралбойы регионының социаллық-экологиялық машқалаларын шешиў, «жасыл» экономиканы раўажландырыў, қайта тикленетуғын энергия дәреклерин ҳәм суўды үнемлейтуғын технологияларды енгизиў, азық-аўқат қәўипсизлигин тәмийинлеў ҳәм биологиялық көп түрлиликти сақлаўға бағышланған 20дан артық қосымша илаж өткерилиўи режелестирилген.

Мәмлекетимиздиң Миллий павильонында Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев Жәҳән саўда шөлкеми (ЖСШ) бас директоры Нгози Оконжо-Ивеала менен ушырасыў өткерди.

Мәмлекетимиздиң ЖСШға ағза болыўы мәселелеринде әмелий бирге ислесиўди беккемлеўдиң әҳмийетли тәреплери көрип шығылды.

Жумысшы топар мәжилислерин өткериў, сондай-ақ, усы халықаралық шөлкемге ағза мәмлекетлер менен алып барылып атырған сөйлесиўлердиң пәти қанаатланыўшылық пенен атап өтилди.

Миллий нызамшылықты ЖСШ нормалары ҳәм қағыйдаларына сәйкеслестириў, атап айтқанда, экспорт субсидияларын бийкар етиў бойынша жумыслар жедел алып барылмақта.

Халықаралық саўданы тәртипке салыў мәселелеринде өзбекстанлы қәнигелердиң маманлығын арттырыўға айрықша итибар қаратылды.

Сөйлесиўлерди жуўмақлаў ҳәм жақын жылларда Өзбекстанның шөлкемге ағза болыўы бойынша ис-ҳәрекетлерди қоллап-қуўатлаў бойынша пикир алысылды.

Президент Шавкат Мирзиёев әзербайжанлы әдебияттаныўшы ҳәм шайыр Акиф Бағировты қабыллады.

Акиф Азалп лақабы менен танылған шайыр Нахичеванда туўылған, бирақ өмириниң үлкен бөлимин Өзбекстанда жасап, дөретиўшилик еткен. Әзербайжан халқын өзбек әдебий орталығы менен жақыннан танытыўда пидайылық көрсетип келмекте. Ол көплеген өзбек шайырлары, жазыўшыларының дөретпелерин әзербайжан тилине аўдарған. Соның ишинде, жақында Сирожиддин Саййидтиң «Вақт ҳайкали» китабын аўдарған. Шайыр халқымыздың даңқлы тарийхы ҳәм Өзбекстанның соңғы жыллардағы табысларынан, атап айтқанда, Президент Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында әмелге асырылып атырған реформалардан илҳамланып жазған «Өзбек келмекте» балладасы менен де белгили.

Ушырасыўда Акиф Бағиров жоқары ҳүрмет ҳәм миннетдаршылық белгиси сыпатында Президентимизге өзи әзербайжан тилинде таярланған «Шавкат Мирзиёев феномени» китабын берди.

Китаптан сиясаттаныўшы Қудратилла Рафиқовтың «Мениң Президентим» ҳәм «Миллетпәрўар» китапларынан сайлап алынып, шайыр тәрепинен әзербайжан тилине аўдарылған публицистикалық эсселер орын алған. Ол мәмлекетимиз жетекшиси басшылығында Өзбекстанда әмелге асырылып атырған тийкарғы реформалар ҳәм өзгерислерге бағышланған. Онда Шавкат Мирзиёев алып барып атырған сиясаттың тийкарғы бағдарлары, соның ишинде, экономикалық раўажланыў, инфраструктураны модернизациялаў, социаллық тараўды жақсылаў ҳәм Өзбекстанның халықаралық майдандағы абырайын беккемлеў мәселелери сәўлеленген.

Президентимиз шайырға өзбек әдебиятын Әзербайжанда ғалаба ен жайдырыў ҳәм еки мәмлекет арасында мәдений байланысларды беккемлеўге қосқан үлеси ушын миннетдаршылық билдирди.

Усының менен Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң Әзербайжан Республикасына әмелий сапары жуўмақланды.

ӨзА