Бас прокуратура жанындағы Департаменттиң Қарақалпақстан Республикасы басқармасы, прокуратура ҳәм Ишки ислер бөлимлериниң хызметкерлери биргеликте өткерилген тергеўге шекем тексериўде энергия ресурсларынан нызамсыз пайдаланыў ҳәм қәлибеки акт дүзип бериў жағдайлары анықланды.
Соның ишинде, Нөкис қаласында жумыс алып барыўшы «Р.Ф.» жуўапкершилиги шекленген жәмийеттиң жуўапкер шахслары мектепке шекемги билимлендириў шөлкеминде мәмлекетлик стандартларға жуўап бермейтуғын жарамсыз газ есаплаў үскенесин орнатып, 200 миллион сумлық тәбийғый газден нызамсыз пайдаланғанлығы анықланды. Департаменттиң Төрткүл районы бөлими тәрепинен өткерилген тергеўге шекем тексериўде болса районлық электр тармақлары кәрханасы инженери Т.И. жеке тәртиптеги исбилермен Н.Т.ниң саўда дүканына жаңа электр есаплағыш орнатып, есаплағыш орнатылғанлығы ҳаққында қәлибеки акт дүзип, жәми 69 миллион сумлық электр энергиясынан нызамға қарсы түрде пайдаланыўға шараят жаратып берген.
Департаменттиң Қараөзек районы бөлими тәрепинен «Өзэнергоинспекция» аймақлық басқармасының хызметкерлери менен биргеликте өткерилген тергеўге шекем тексериўлерде «R.s.» ҳәм «В.М.» жуўапкершилиги шекленген жәмийетлер жуўапкер шахслары электр суў насосларын улыўма пайдаланыўдағы тармаққа өзбасымшалық пенен жалғап, 70 миллион сумлық электр энергиясынан нызамсыз пайдаланғанлығы анықланды.
Бул жағдайлар бойынша Жынаят кодексиниң тийисли статьялары менен жынаят ислери қозғатылып, тергеў ҳәрекетлери өткерилмекте.
Д.Абибуллаев,
Қарақалпақстан хабар агентлиги